Усы жылдың 21-24-декабрь күнлери аралығында Бухара ўәлаятында «Универсиада-2020» спорт жарысларының баскетбол бойынша ҳаял-қызлар сайланды командалары арасында финал жарыслары болып өтетуғынлығы ҳаққында хабар берген едик.

 

Финал жарысларына регионаллық басқышларда жеңимпаз болған Ташкент, Ферғана ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының сайланды командалары менен бирге Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы да қатнасты. Республикамыз сайланды команда ағзалары тийкарынан Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети студент қызларынан ибарат болды.

 

Дәслепки ойында Ташкент ўәлаяты командасын 71:48 есабында, кейинги ойынларда болса Ферғана ўәлаяты командасын 68:48 ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты командасын 77:21 есабында жеңип шыққан жерлеслеримиз «Универсиада-2020» финал жарысларының жеңимпазы болып, 1-орынды қолға киргизди.

 

Бул жеңис Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гимниң қабыл етилген күни байрамына қызларымыздың мүнәсип саўғасы болды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.