Аўыл хожалығында қолда бар техникалардың саз ҳалда ислеўи, жер ийесиниң жумысларын аңсатластырыў менен бирге өнимдарлықты да арттырады ҳәм ўақтын үнемлейди.
Ҳәзирги ўақытта фермер хожалықлары аймақларында жайласқан машина трактор парклериндеги аўыл хожалығы техникаларының тексериўден өтиўи ҳәм таяр жағдайға келтирилиўи бойынша илажлар алып барылмақта.
– 2021-жыл мәўсимине аўыл хожалығы техникаларының оңлаўға тартылыўы ҳәм оңлаў жумысларының барысы бойынша Беруний районында республика жумысшы топары тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды,-дейди «Өзагроинспекция»ның Беруний районлық бөлиминиң баслығы У.Қаландаров. – Топар ағзалары аймақларда таярлық жумыслары менен танысты.
Жуўмақлаўшы шешимлер қабыл етилип, тийисли тәртипте ўазыйпалар ҳәм көрсетпелер берилди.
Ҳәзирги ўақытта Беруний районында 13 МТП жумыс ислеп турыпты. Оларда 283 дана сүрим тракторы, 132 шигит егиў сеялкалары, 216 культиватор, 1115 тисли мала, 342 темир мала, 37 чизель, 37 ОВХ бүркегиш, 7 минерал төгин сепкишлер, 14 комбайн мәўсимге таярланбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги