Республикамызға келген мәмлекетимиздиң сырт еллердеги елшилери  қала ҳәм районларда болып, аймақлардың инвестициялық имканиятлары, экспорт потенциаллары менен жақыннан таныспақта.

Атап айтқанда, Өзбекстанның Латвия мәмлекетиндеги елшиси Қ.Султанов, Оман мәмлекетиндеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси А.Абдуҳалимовлар Хожели районында болды.

Дәслеп район ҳәкимлигинде қабыллаў болды. Онда район ҳәкими Ж.Ермашев Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасын, соның ишинде Хожели районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныстырды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында районда 2020-2022-жылларда улыўма баҳасы 259,2  миллиард сумлық 99 жойбарды әмелге асырыў белгиленген. Усының есабынан 721 жаңа жумыс орны жаратылады.

Буннан кейин елшилер райондағы бир қатар экспортёр кәрханалардың басшылары менен ушырасты. Атап айтқанда, боян тамыры қайта исленип, порошок жетистирилетуғын «Ecoline Root» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы М.Нызаматдинов,  «Javlanbek Xusainov» салыгершилик кластериниң баслығы С.Зарипов, бир қатар оқыў орынларының басшылары менен ушырасып, бирге ислесиў перспективалары бойынша пикир алысыўлар болды. Сондай-ақ, латвиялы Эвия Пуданет пенен райондағы режелестирилип атырған жойбарлар, оны биргеликте әмелге асырыў бойынша видеоконференц арқалы сөйлесиўлер алып барылды.

-Өзлериңизге белгили, мәмлекетимиздиң Араб еллери менен ҳәр тәреплеме байланыслары раўажланып бармақта,-дейди Өзбекстанның Оман мәмлекетимиздеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Анвар Абдуҳалимов.-Бүгинги күни бул мәмлекетте елимизде жетистирилген мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат өнимлерине болған талап артып бармақта. Сапарымыз даўамында еки тәреплеме пайдалы келисимлерге ерисиў, инвестициялық бағдарламаларды биргеликте әмелге асырыў, исбилерменлер арасындағы байланысларды беккемлеў бойынша илажлар белгиленген.

Мийманлар райондағы Миздахқан комплексинде, «Elita stars textile» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, туристлер ушын жаратылған шараятлар, экспортқа шығарылып атырған өнимлер менен танысты.

Елшилердиң республикамызға сапары даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.