15-декабрь  күни Нөкис темир жол вокзалында усы жыл 9-13-декабрь күнлери аралығында Россия Федерациясының Қазан қаласында, спорттың белбеўли гүрес түри бойынша  үлкен жастағылар арасында өткерилген жәҳән чемпионатында үшинши орынды ийелеген Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби тәрбияланыўшысы Земфира Азатова салтанатлы жағдайда күтип алынды.

Оған мектеп жәмәәти, спортшының ата-анасы қатнасты.

Дүньяның 35 мәмлекетинен қатнасқан чемпионатта ерлер ҳәм ҳаял-қызлардан ибарат сайланды командалар өз-ара беллести. Чемпионат жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы спортшылары 3 алтын, 5 гүмис ҳәм 5 қола (жәми 13) медальды қолға киргизип, командалық есапта екинши орынды ийеледи.

Чемпионатта жерлесимиз Земфира Азатова 66 килограмм салмақ категориясында үшинши орынды ийеледи.

– Шәкиртим шаққан, талапшаң қыз. Ол усы жылы Ферғана ўәлаятында өткерилген Өзбекстан чемпионатында бириншиликти ийеледи, оның көз қуўандырарлық жетискенликлери бир қанша,- дейди спортшыны жарысқа таярлаған тренери Бөкенбай Садуақасов. – Ҳәзирги күнде ол Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  дене мәденияты факультетиниң 1-курс студенти.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы