Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Соңғы еки жылда аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўге айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланып атырғанлығы нәтийжесинде 2020-жылдың өзинде қосымша 133 мың гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилди.
Бирақ, күн сайын күшейип баратырған суўдың жетиспеўшилиги және суў ресурсларына болған талаптың өсип атырғаны аўыл хожаығында суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин кескин арттырыўды талап етпекте.
Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди хошаметлеў механизмлериниң нәтийжелилигин арттырыў, суўғарылатуғын майданлардың суў менен турақлы тәмийнлениўине ерисиў мақсетинде:
- 1. Суў хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў системаларын және жерди лазерли үскене жәрдеминде тегислеген ҳалда дискретли суўғарыў усылын енгизиў пәтин бес есеге арттырыў, яғный 2021-жылы 230 мың гектар майданда усы технологияларды енгизиў және суўғарылатуғын 200 мың гектар майданларды лазерли үскене жәрдеминде тегислеў арқалы суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша усынысы мақуллансын.
- 2. 2021-жылы суўды үнемлейуғын технологияларды енгизиў бойынша прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев:
а) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы және ўәлаятлар ҳәкимлери менен биргеликте усы қарарға 1-қосымша менен тастыйықланған прогноз көрсеткишлерине муўапық аўыл хожалығының ислеп шыарыўшылары кесиминде мәнзилли бағдарламалар ислеп шығып, 2021-жылдың ақырына шекем республика бойынша кеминде:
160 мың гектар пахта, 30 мың гектар мийўели егинлер, 15 мың гектар жүзим ҳәм 5 мың гектар басқа да егинлер жетистирилетуғын майданларда тамшылатып суўғарыў;
14 мың гектар дәнли егинлер, 2 мың гектар овощ ҳәм палыз және 2 мың гектар азық-аўқатлық егинлер жетистрилетуғын майданларда жаўынлатып суўғарыў;
600 гектар пахта жетистирилетуғын майданларда дискретли суўғарыў технологияларын енгизиўди тәмийинлесин;
200 мың гектар егислик майданларында, соннан 43 мың гектар салы жетистирилетуғын майданларда лазерли үскене жәрдеминде тегислеўди шөлкемлестирсин;
б) республиканың барлық аймақларында суўды үнемлеўши технологиялар бойынша жеке меншик ямаса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында сервис ҳәм диллерлик орайларын шөлкемлестириў илажларын көрсин;
в) өткен жылларда тамшылатып суўғарыў технологиясы енгизилген майданларда пайдаланылған бир жыллық тамызғышлы шлангаларды утилизациялаў мақсетинде киши кәрханалар ҳәм цехлардың жумысын шөлкемлестириў ушын шараятлар жаратсын;
г) суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў ушын тартылған сырт ел ҳәм жергиликли кредит қаржыларын өз ўақтында қайтарыў мақсетинде олардың биринши гезекте инфраструктура объектлери (электр энергиясы) бар болған аймақларда енгизилиўине итибар қаратсын;
д) Өзбекстан Республикасы Президетиниң 2018-жыл 27-декабрьдеги «Пахта шийки затын жетистириўде тамшылатып суўғарыў технологияларынан кеңнен пайдаланыў ушын қолайлы шараятлар жартыўға байланыслы кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4087-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиўге жәрдемлесиўши жумысшы топарларының (Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәкимлери) суўды үнемлейуғын технологияларды енгизиўдеги роли ҳәм жуўапкершилигин кескин арттырыў илажларын көрсин.
- 3. 2021-жылдан аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги жаңа тәртиби белгиленсин:
аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларына суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар 2-қосымшаға муўапық бериледи;
суўды үнемлейтуғын технологияларды сатып алыў ҳәм қурыўға ажыратылатуғын банк кредитлери бойынша процент қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 3-қосымшаға муўапық субсидиялар бериледи;
жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен ислеп шығарылған лазерли қурылмаға ийе автоматластырылған жер тегислегиш агрегатларын сатып алған аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларына сатып алынған жер тегислегиш агрегатлары баҳасының 30 проценти Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериледи.
Усы бәнтте нәзерде тутылған субсидия қәрежетлери енгизилген суды үнемлейтуғын технологиялар кеминде бес жыл қолланылыўы шәрти менен ажыратылады.
Суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген жер майданлары кеминде 5 жыл даўамында оптималластырылмайды, жер участкасы яки оның бир бөлеги мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик талаплар ушын алып қойылыўына жерден пайдаланыўшының келисими тийкарында жумсалған қаржылардың базар баҳасы ҳәм алып қойыў себепли жеткерилген зыянның орны толық қапланғаннан соң ғана руқсат етиледи.
- 4. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов, А.Э.Эргашев):
2021-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде тастыйықланған прогноз көрсеткишлерине муўапық усы қарардың 2-бәнтинде көрсетилген илажларды қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын;
бир ай мүддетте Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 21-сентябрьдеги «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң турақлылығын тәмийинлеў ҳәм қәрежетлерин оптималластырыў илажлары ҳаққында»ғы 575-санлы қарары тийкарында республикалық бюджеттен оптималластырылған қәрежетлер бағдарларында көрсетилген пахта шийки заты жетистириўшилериниң тамшылатып суўғарыўды енгизиў ушын нәзерде тутылған 98,9 миллиард сум муғдардағы қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин;
Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) коммерциялық банклер менен биргеликте егислик жерлерди лазерли үскене жәрдеминде тегислеў бойынша көрсетилетуғын механизация хызметлери ушын Қаржы министрлиги жанындағы аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорынан ажыратылатуғын пахта ҳәм ғәлле жеңиллетилген кредитлери есабынан 250 миллиард сум төлеп берилиўин тәмийинлесин.
- 5. 2021-жылы суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди қоллап-қуўатлаў ушын талап етилетуғын 1,5 триллион сум субсидия қаржыларының:
330 миллиард сумын – Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылыўын тәмийинлесин;
1 170 миллиард сумын – Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоров ҳәм С.Ў.Умурзаков, Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев) бюджетти қоллап-қуўатлаў ушын халықаралық финанс институтларынан тартылған қарыз қаржылары есабынан қаржыландырыў илажларын көрсин.
- 6. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (С.Ў.Умурзаков, Ш.А.Вафаев), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев) халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел финанс шөлкемлеринен тартылған қаржылар шеңберинде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ушын фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханаларына (кластерлер, кооперациялар) коммерциялық банклер арқалы 200 миллион долларға шекем кредит линияларын ашсын.
- 7. Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев) еки ай мүддетте Инновациялық раўажланыў министрлигине (И.Ю.Абдурахмонов) аймақлардың топырақ-ықлым шараятлары және суў менен тәмийинлениў жағдайларын есапқа алып, суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў нәтийжелилиги бойынша әҳмийетли машқалалардың илимий шешимине қаратылған илимий-инновациялық жойбарларды қәлиплестирип, таңлаў жәриялаў ушын усыныслар киргизсин.
- 8. Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев, В.В.Ахмаджонов):
бир ай мүддетте республикамызда ҳәм басқа да мәмлекетлерде исенимли жумыс ислеп атырған тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў системаларын ислеп шығаратуғын және қуратуғын сырт ел ҳәм жергиликли кәрханалардың дизимин қәлиплестирсин және усы системаларды енгизиў тилегинде болған аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларына жеткерсин.;
Аўыл хожалығы министрлиги (Ш.Ж.Тешаев) менен биргеликте тийисли қәнигелерди тартып, 2021-жыл 1-февральға шекем республиканың топырақ-ықлым, суў менен тәмийинлениў ҳәм басқа да шараятларын есапқа алған ҳалда тийкарғы егин түрлери бойынша суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўдиң методикалық қолланбаларын ислеп шықсын;
Аўыл хожалығы министрлиги (Ш.Ж.Тешаев), Инновациялық раўажланыў министрлиги (А.С.Назаров) және Ирригация ҳәм суў машқалалары илимий-изертлеў институты (А.Б.Ўразгелдиев) менен биргеликте еки ай мүддетте аймақлардың топырақ-ықлым шараятын және суўғарыў усылларын есапқа алатуғын, аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў нормалары бойынша ўақтыншалық нормативлерди ислеп шығып тастыйықласын.
- 9. Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев) Қаржы министрлиги (А.Э.Эргашев), Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (К.А.Юлдашев), «Аймақлық электр тармақлары» АЖ (У.М.Мустафоев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси және ўәлаят ҳәкимликлери менен биргеликте:
2021-жыл 1-апрельге шекем ҳәр бир аймақта Суў хожалығы министрлиги системасындағы биреўден насос станциясында жумсалып атырған электр энергиясы ҳәм шығарылып атырған суў көлемин заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизген ҳалда, инсан араласыўысыз, онлайн тәртипте ашық-айдын мониторинг жүргизиў системасын сынақ түринде енгизсин;
2021-жыл 1-декбарьге шекем Суў хожалығы министрлигиниң 1 688 насос станциясында электр энергиясының жумсалыўы және шығарылған суў көлеминиң есабын жүргизиўши республика бойынша бирден-бир электрон мәлимлеме системасының иске қосылыўын тәмийинлесин.
Бунда, тийислилик шегарасындағы электр энергиясы есаплағышларын Электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасына сай есаплағышларға алмастырылыўы ҳәм жумсалып атырған электр энергиясы мәлимлемесиниң тәмийинлениўи бойынша «Аймақлық электр тармақлары» АЖ басқарма баслығы У.М.Мустафоев, тутыныўшы балансында болған электр эенргеиясының есаплағышлары және суў көлеминиң есабын жүргизиўши үскенелердиң орнатылыўы ҳәм мәлимлеме менен тәмийинлениўи бойынша суў хожалығы министри Ш.Р.Хамраевтың жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
Қаржы министрлиги усы бәнттиң үшинши абзацында көрсетилген илажларды Суў хожалығы министрлигиниң есап-санақларына тийкарланып Мәмлекетлик бюджет, халықаралық финанс институтлары ҳәм донор мәмлекетлердиң грантларын тартыў есабынан қаржыландыратуғыны белгиленсин.
- 10. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Б.К.Абдиназаров) Инновациялық раўажланыў министрлиги (А.С.Назаров) және Суў хожалығы министрлиги (В.М.Ахмаджонов) менен биргеликте 2021-жыл 1-октябрьге шекем алдынғы сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда Өзбекстанда суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў нәтийжелилигин үйренип, аймақлардың топырақ-ықлым шараятлары және суў менен тәмийинлениў жағдайларын есапқа алған ҳалда зәрүр усынысларды ислеп шықсын және Министрлер Кабинетине киргизсин.
Алдынғы сырт ел қәнигелерин тартыў менен байланыслы қәрежетлер Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан қаплансын.
- 11. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Б.К.Абдиназаров), Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев), «Өзстандарт» агентлиги (Д.Н.Саттаров) ҳәм «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы (М.Н.Юнусов) суўды үнемлейтуғын суўғарыў системаларының комплектлеўши буйымлары ҳәм аўысық бөлеклерин ислеп шығыў тараўында санаат тармақлары арасындағы өз-ара кооперацияны кеңейтиў және саламат бәсеки орталығын жаратыў, жергиликли ҳәм сырт ел технологиялары тийкарында үлги типтеги республиканың тәбийғый-ықлым шараятына сай келетуғын суўды үнемлеўши технологиялардың стандартларын ислеп шықсын.
- 12. Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев), Қаржы министрлиги (А.Э.Эргашев) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 1-февральға шекем аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер тәрепинен суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўде мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар ажыртылған ҳәр бир жойбар кеминде бес жыл мүддетте нәтийжели пайдаланылыўы бойынша жуўапкершилик белгилеў бойынша нызамшылыққа тийисли өзгерислер киризиўди нәзерде тутатуғын ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда:
Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар ажыратылған ҳалда енгизилген суўды үнемлейтуғын технологиялардан белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде пайдалаынмағанда ажыратылған субсидия қаржыларын қайтарып алыў және қолланылған салық жеңилликлерин бийкар етиўди;
жәмийетлик қадағалаў механизмлерин енгизиўди, соның ишинде, мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылған ҳалда енгизилген суўды үнемлейтуғын технологиялардан орнатылған тәртипте пайдаланбаў жағдайлары ҳаққындағы фотосүўретлер ҳәм видеожазыўларды жиберген пуқараларды қайтарып алынған субсидия қаржыларының бес процентине шекемги муғдардағы ақшалай сыйлық пенен хошаметлеўди нәзерде тутсын.
- 13. Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (М.М.Холмухамедов) және Инновациялық раўажланыў министрлиги (Ш.У.Турдикулова) менен биргеликте Суў хожалығы министрлиги қарамағындағы профессионал билимлендириў мәкемелеринде 2021/2022 оқыў жылынан баслап суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм пайдаланыў бойынша қәнигелер (консультант) таярлаў, қайта таярлаў және қәнигелигин арттырыў системасының енгизилиўин тәмийинлесин.
Онда, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм пайдаланыў бойынша қәнигелер (консултант) таярлаў, қайта таярлаў және қәнигелигин арттырыў қәрежетлери Суў хожалығы министрлиги ҳәм буйыртпашылардың қаржылары және донор мәмлекетлердиң грантлары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- 14. Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев, С.Ж.Хўжаметов), Хорезм (Ф.Ў.Эрманов, О.Б.Юсупов), Бухара (Ф.Б.Умаров, С.Н.Хикматов), Жиззақ (Э.А.Салиев, О.Ш.Ашурматов) ҳәм Сырдәрья (Ғ.Ғ.Мирзаев, К.Э.Сабиров) ўәлаятлары ҳәкимликлери менен биргеликте илимий-изертлеў институтларын тартқан ҳалда 2021-жыл 1-февральға шекем аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде жердиң шорын жуўыўдың пүткиллей жаңа системасын енгизиў бойынша тийисли қарар жойбарын киргизсин. Бунда:
жердиң шорын жуўыўда суўдың жумсалыўын кескин азайтыў, екилемши шорланыў дәрежесин төменлетиў бойынша анық илажлар;
тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў системалары енгизилген майданларда жердиң шорын жуўыўдың өзине тәнлигенен келип шыққан ҳалда анық усыныслар;
Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты «Аўыл хожалығында суўдан пайдаланыў методлары» ҳәм «Жердиң шорын жуўыў технологиялары» бойынша сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларының жаңа әўлады жаратылатуғыны және тийисли билимлендириў бағдарларында оқыў режелерине киргизилетуғыны есапқа алынсын.
- 15. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (С.Ў.Умурзаков) Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Өзбекстан фермер дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (А.А.Хайитов) менен биргеликте 2021-жылда халықаралық шөлкемлердиң грантларын тартып, ҳәр бир аймақта лазерли үскене жәрдеминде егислик майданларды тегислеў есабынан суўдың жумсалыўын азайтыў бойынша биреўден үлгили жойбарды әмелге асырсын.
- 16. 2020-2021-жыллары Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтылыўын кеңейтиў бойынша жол карталары 4а –4м-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
- 17. Қаржы министрлиги (А.Э.Эргашев) Суў хожалығы министрлиги (А.А.Мирзаев) ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги (Ш.Ж.Тешаев) менен биргеликте бир ай мүддетте усы қарарға муўапық аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларының суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 18. Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевке 2021-жылы суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша прогноз көрсеткишлерине зәрүр жағдайларда қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- 19. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- 20. Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 21. Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ш.М.Ғаниевке ҳәм Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 11-декабрь