Президент Шавкат Мирзиёев мәҳәлле системасында жолға қойылған реформалардың адамлар турмысындағы көринисин көриў, гезектеги режелерди белгилеў, аўыл хожалығы ҳәм санаат кәрханаларының жумысы менен танысыў мақсетинде 12-декабрь күни Хорезм ўәлаятына келди.

Дәслеп мәмлекет басшысы Ханқа районындағы инновациялық ыссыхананы барып көрди.

«Red Star Oxus» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 205 миллиард сумнан аслам қаржы есабынан шөлкемлестирилген бул имарат усы жыл февраль айында иске қосылған еди. Бул усы жойбардың биринши басқышы болып, 7 гектар майданда гидропоника усылында помидор, қыяр, баклажан, болгар бурышы, көк шөплер жетистирилмекте.

Ыссыханада Нидерландияның «Kubo» компаниясында ислеп шығарылған «Ultra clima» ноу-хау технологиясы алып келинип орнатылған. Буның абзаллығы сонда, ыссылық вентилятор жәрдеминде ультра климат зонасына тартылады ҳәм пластик қубырлар арқалы керекли жерге талап дәрежесинде жибериледи. Яғный, температура пүткил ыссыханаға емес, ал жетистирилип атырған овощтың тамырына бағдарланады. Бул болса үлкен муғдарда энергияны үнемлеўге жәрдем береди.

Бундай «бесинши әўлад» технологиясына ийе ыссыханалар дүньяда 200 гектар әтирапында екенин атап өтиў орынлы. Соннан 7 гектары Өзбекстанда.

Және бир әҳмийетли тәрепи – ыссыхананың жоқарысына қуяш нурына уқсаған қәсийетке ийе арнаўлы шырақлар орнатылған. Бул фотосинтез процесине сезилерли тәсир көрсетип, өнимдарлықты арттырыўға хызмет етеди.

Мәселен, плёнкалы ыссыханаларда помидор нәли 6 ай өним берсе, бул инновациялық ыссыханада бир жыл даўамында өним алыў мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы мине усы мәселеге айрықша әҳмийет қаратты.

– Пүткил дүньяда азық-аўқат қәўипсизлиги әҳмийетли мәселе болып атыр. Сыртқы базар аўыл хожалығы өнимлерин мәўсимлик емес, жыл даўамында жеткерип бериўди талап етеди. Соны усыныс ете алған кәрхана базарда орын ийелейди. Бул жумыс орнын ҳәм экспортты тәмийинлеў ушын үлкен дәрек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ыссыханада процесс толық автоматластырылған. Биринши басқышта 75  адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Президентимизге келешектеги режелер ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, жойбардың екинши басқышында 8 гектар майданда және бир ыссыхана қурылады. Оны келеси жылы декабрьде пайдаланыўға тапсырыў ҳәм және 150 жумыс орнын жаратыў мөлшерленген.

– Бул кәрхана – драйвер. Бундай ыссыханалардың көбейиўи ушын басқа исбилерменлерди де үйретип, ҳәр тәреплеме жәрдем бериў керек. Хорезм аўыл хожалығының келешеги усы, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бул комплексти өзине тән мектеп сыпатында белгилеп, исбилерменлерди оқытыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

– Азық-аўқат өнимлерине биринши талап – сапа. Соның ушын ҳәр бир ыссыхананың лабораториясы, өз бренди болыўы керек, – деди Президент.

Бул жерде аўыл хожалығында әмелге асырылатуғын жойбарлардың презентациясы өткерилди. Районларды қәнигелестириў, жаңа жерлерди өзлестириў, жаўынлатып суўғарыў системасын енгизиў бойынша тапсырмалар берилди. Салы егиўде әдилликти тәмийинлеп, халыққа жер майданларын ажыратып бериў, сол арқалы адамларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў бойынша ўазыйпалар қойылды.

Сондай-ақ, Хорезм ўәлаятында жаслардың социаллық кейпиятын үйрениў бойынша диалог ҳәм социологиялық изертлеў нәтийжелери ҳаққында да мағлыўмат берилди. Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир жастың умтылысы ҳәм қәбилетин есапқа алып, режелерди әмелге асырыў бойынша бир жыллық бағдарлама ислеп шығыўға көрсетпе берди.

Президент Шавкат Мирзиёев Янгиариқ районындағы «Yantex Invest» кәрханасында гезлеме ислеп шығарыў жойбары менен танысты.

Бул кәрхана бос жатырған имаратлардан нәтийжели пайдаланыў, оларды меншиклестирип, исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған экономикалық сиясаттың анық мысалы. Бул имарат көп жыллар қараўсыз жатырған еди.

2017-жылы Президент Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаятына сапары ўақтында бул имаратты потенциаллы инвесторларға сатыў ҳәм өндиристи жолға қойып жергиликли халықты жумыс пенен тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берген еди.

Буннан соң «Асака» банк ўәлаят ҳәкимлигинен имараттың 100 процентлик үлесин сатып алып, оны еки ярым жыл ишинде толық қурып питкерди.

Кәрханаға сырт ел инвесторын табыў мақсетинде Россияның Иванова областында 25 жылдан берли текстил кәрханаларының шөлкемлестириўшиси болып киятырған инвестор менен сөйлесиў алып барылды. Инвестор кәрханаға инвестиция киргизип, бул жерде пахтаны терең қайта ислеў арқалы гезлеме ислеп шығарыўға киристи.

Жойбардың улыўма баҳасы 16,1 миллион доллар болып, кәрхана сентябрь айында иске қосылды. Жәми жумыс орынлары 250. Швейцария, Бельгия, Германия сыяқлы мәмлекетлерден келтирилген тоқыў үскенелеринде ҳәзирги ўақытта 60 ҳаял-қыз бәнт. Және 40 жумысшыны усы жердеги оқыў орайында россиялы қәнигелер оқытпақта.

Кәрхана жылына 12 миллион погон метр гезлеме материал ҳәм 600 мың комплект жамылғы ислеп шығарыў, 6 миллион долларлық өним экспорт етиў потенциалына ийе.

Президент жаңа кәрханадағы тоқыў процесин көзден өткерди.

Елимизде трикотаж ислеп шығарыўға елеге шекем бундай терең қатнаста болынбағанын атап өтиў орынлы. Тармақта нәтийжелиликти арттырыў мақсетинде 2016-жылы тоқымашылық санаатын раўажландырыў бойынша жедел реформалар басланған еди. «Yantex Invest» кәрханасы бул реформалардың мийўеси болып есапланады.

Хорезмниң өзинде таяр гезлеме шығарыў нәтийжели екенин есапқа алып, инвестор Қашқадәрья ўалаятындағы «Oqsaroy Group» компаниясы менен биргеликте «Текстура» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин дүзди. «Текстура» ҳәм «Ургенч бахмал» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери «Yantex Invest» кәрханасының шөлкемлестириўшилери болып есапланады.

Атап өтилгениндей, кейинги төрт жыл даўамында бизде трикотаж ислеп шығарыў бойынша үлкен тәжирийбе топланды. Бирақ гезлеме тоқыў ҳәм бояў бойынша еле потенциал жетерли емес.

Соның ушын «Текстура» ЖШЖ Үргенш қаласында гезлемеге рең бериўши кәрхананы ашыў, төрт райондағы кластерлер менен жип-гезлеме тоқыўды жолға қойыў нәтийжесинде келеси жылдың ақырына шекем ўәлаятта гезлеме ислеп шығарыўды жылына 90 миллион погон метрге жеткериў режелестирилген.

Усы тәризде, екинши басқышта Хорезмде гезлемени бояў, оны қадақлаў, Россия ҳәм басқа еллерге экспорт етиўге ерисиледи.

Бул жерде Хорезм ўәлаятын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў, мәҳәлле бойынша ислесиў бағдарында жаңа системаны жолға қойыў мәселелери додаланды.

Президенттиң басламасы менен ўәлаяттың социаллық-экономикалық раўажланыўында мәҳәлле институтының ролин арттырыў бойынша илажлар белгиленди.

Бурынлары ўәлаятларға сапар ўақтында аймақтың социаллық-экономикалық өсиў бағдарламасы «жоқарыдан-төменге» системасы тийкарында қәлиплестирилетуғын еди. Хорезмде биринши мәрте енгизилип атырған жаңа системаға бола, районлардағы экономикалық комплекс хызметкерлери ҳәр бир мәҳәллеге бириктирилип, өз тараўына байланыслы мәселелерди шешип барады.

Бул бағдардағы ўазыйпаларды анықлаў ушын министрликлер ҳәм тармақлар, банклердиң ўәкиллеринен ибарат республикалық жумысшы топар ўәлаяттағы 519 мәҳәллениң машқалаларын үйренди. Мәҳәллелерде жасаўшы халықтың имканиятлары, олардың дәраматын арттырыў, қайсы бағдарлар бойынша жумыс алып барыў керек екенлигинен келип шығып, өсиў ноқатлары белгиленди.

Республикалық жумысшы топар тәрепинен қала ҳәм районлардағы 54 сектор да мине усылай сыпатланды.

Хош, мәҳәллелерде өсиў ноқатлары қайсылар? Ўәлаят мәҳәллелеринде шарўашылық, қусшылық, өнерментшилик ямаса басқа да ислеп шығарыў тилегин билдирген өсиў ноқатлары 11 ди қурады. Енди мәҳәлле баслықлары хожалықларға исбилерменлерди жумысты үйге алып ислеў системасында ислеў ушын бириктирип береди. Сол арқалы шаңарақларға дәрамат табыў ушын жәрдемлесиледи.

Мәмлекетимиз басшысының ҳәр бир районда санаатты раўажландырыў мақсетинде баҳасы  10 миллион доллардан аслам 2 ден ири және 1 миллион доллардан артық 10 нан орта жойбарды қәлиплестириў бойынша берген тапсырмасына муўапық 755 жойбар ислеп шығылды. Улыўма баҳасы 13,3 триллион сумлық бул жойбарлар 2021-жылы әмелге асырылыўы нәтийжесинде 16 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Президентимиз реформаларды ең төменги буўынға жеткериўде мәҳәллениң ўазыйпалары неден ибарат екенин мәҳәлле баслықлары түўе район ҳәкимлери де жақсы түсинбейтуғынын сынға алды.

– Мәҳәлле баслықларын сайлаймыз, олардан көп нәрсени талап етемиз. Бирақ, буның ушын жергиликли басшылар не ислеп атыр, деген сораўға анық жуўап жоқ. Енди мәмлекетлик уйымлардағы хызметкерлердиң материаллық мәпдарлығы адамлардың разылығынан келип шығып белгиленетуғын система етемиз. Салық, қаржы, бәнтлик, инвестиция, исбилерменлик ҳәм басқа да мәселелерге жуўапкер басшылар мәҳәллелерде ислейди. Мәҳәлле баслықлары өз аймағындағы машқалалар бойынша оларға талап қояды. Реформаларды ең төменги системада орынлаўдың тийкары сол. Буны адамлар сезиўи зәрүр. Баспасөз хызметкерлери буны халыққа жеткериўи керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жуўапкерлерге бул системаны турмысқа енгизиў, Мәмлекетлик басқарыў академиясы тәрепинен мәҳәлле баслықларын усы бойынша оқытыў бағдарында тапсырмалар берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Үргенш қаласындағы технопаркке барды. Аймақлардағы «өсиў ноқатлары»н иске қосыў. исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде барлық қала ҳәм районларда киши санаат зоналары, технопарклер шөлкемлестирилмекте.

Усы жылы май айында қурылысы жуўмақланған «Үргенш» технопарки жәми 6 блоктан ибарат. Қысқа ўақытта бул жерде еки кәрхана жумыс баслады. Олар кийим-кеншик ислеп шығарыўшы «Oq oltin mega tekstil» және металлдан ҳәр қыйлы өнимлер таярлайтуғын «Great Khorezm» ширкетлери болып есапланады.

Бул жерде зәрүр инженерлик-коммуникация тармақлары бар. Технопарк ўәлаятта бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўда исбилерменлер ушын әҳмийетли имканиятлар жаратады.

«Oq oltin mega tekstil» жуўапкершилиги шекленген жәмийети технопаркте әмелге асырылған биринши жойбар. Кәрханаға Германия, Италия, Түркия сыяқлы мәмлекетлерден тигиўшилик үскенелери келтирип орнатылған. Бул жерде ислеп шығарылып атырған балалар ҳәм жасы үлкенлердиң кийимлери, жинси шалбар сыяқлы 100 ден артық түрдеги тоқымшылық өнимлериниң 75 проценти экспортқа бағдарланады. Бүгинги күнде «Oq oltin mega tekstil» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде Үргенш ҳәм Хийўа қалалары, Янгиариқ, Хонқа ҳәм Үргенш районларында жасайтуғын 400 ҳаял-қыз мийнет етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың жумысы менен танысты. Бул жерде ислеп шығарылған өнимлерди көзден өткерди, қәниге ҳәм тигиўшилер менен сөйлести.

– Сизлерди көргенимнен, мине сондай өнер ийелеп, өзлериңизге жаққан фабрикада ислеп атырғаныңыздан қуўанышлыман. Адамларды, әсиресе, ҳаяллар ҳәм жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша үлкен ҳәрекетлер ислеп атырмыз. Бүгин-ертең Хорезмде жүрип, қаржылар берип, режелер дүзиўден мақсет те усы, – деди Шавкат Мирзиёев. Президентимиз үйде отырған ҳаялларды жумысты үйге алып ислеў тийкарында да жумысқа тартыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Санаат объектлериниң қалған бөлегинен де нәтийжели пайдаланыў, исбилерменлерге зәрүр шараят жаратыў бойынша көрсетпелер берди. Ҳәзирги күнде қалған блокларға да үскенелер алып келинбекте. Технопарк толық иске қосылғаннан соң, жылына дерлик 87 миллиард сумлық өним ислеп шығарылыўы, 5,8 миллион долларлық экспорт етилиўи мөлшерленген.

Бул жерде Хийўа қаласы ҳәм Гүрлен районы мысалында инфраструктураны жақсылап, туризм ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў жойбарлары додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы Үргенш қаласындағы «UzXCMG» қоспа кәрханасында әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.

Қытай менен биргеликте жумыс ислеп атырған бул қоспа кәрханада 13 түрдеги экскаваторлар, 10 түрдеги қурылыс ҳәм автомобиль жолларын оңлаўшы техника қураллары ислеп шығарылмақта. Кәрхананың қуўатлылығы ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыў бойынша локализациялаў дәрежесин арттырыў мақсетинде экскаваторлар ушын аўысық бөлеклер таярлаў жолға қойылды.

Жойбардың улыўма баҳасы 8 миллион доллар болып, жылына 400 ден аслам арнаўлы техника ислеп шығарыўға ерисиледи.

Кәрханада ҳәзирги ўақытта 52 адам жумыс пенен тәмийинленген. 2021-жылы қосымша тармақлардың иске қосылыўы нәтийжесинде және 30 жумыс орны жаратылады.

Қоспа кәрхананы 3 басқышта раўажландырыў нәзерде тутылған болып, экскаваторларды ири буўынлы ҳәм санаат усылында жыйнаў жолға қойылады.

Кәрханада усы күнге шекем 50 ден артық түрдеги 1 мың 700 дана арнаўлы техника, соның ишинде, шынжырлы ҳәм дөңгелекли экскаваторлар, бульдозерлер, асфальт нығызлайтуғын катоклар, жүк артқышлар, автогрейдер, жол фрезасы ислеп шығарылды. Барлық техникалар халықаралық стандартларға жуўап береди.

Қоспа кәрхананың жумысын жетилистириў мақсетинде быйыл Қытайдың XCMG кооперациясы тәрепинен баҳасы 4,3 миллион долларлық жыйнаў линиясы ҳәм үскенелер алып келинди. Мақсет экскаватор бөлеклерин бириктириў арқалы жергиликли өндиристи кеңейтиў.

Энергия үнемлеўши технологиялар өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, импортты азайтыў имканиятын береди. Усындай ҳәрекетлер себепли кәрханада өндиристи локализациялаў дәрежеси 2021-жылы 51 процентке жеткериледи.

Президент қоспа кәрханадағы өндирис процесин көзден өткерди. Қәнигелер менен өндирис көлемин арттырыў, жаңа тармақларды шөлкемлестириў ҳәм оның ушын бирге ислесиўши министриклер менен биргеликте заманагөй техникаларды иске қосыў бағдарындағы жойбарлар ҳаққында сәўбетлести, зәрүр тапсырмалар берилди.

– Бул заводтың имканиятлары жүдә үлкен, – деди Шавкат Мирзиёев. –Бирақ оларды ислете алмай атырмыз. Соның ушын бул жерде және нелер шығарыў мүмкин екенлигин ҳәм келеси жыллары сырт елден қандай техникалар сатып алыўға талап бар екенлигин терең таллап, оларды бул жерге буйыртпа бериў, имкансызларын кооперация тийкарында таярлаў зәрүр. Бул завод раўажланып, Хорезм индустриясына тийкар болыўы керек.

Усы жерде аймақтағы ҳәр түрли өндирис кәрханалары өнимлериниң презентациясы өткерилди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Хорезм ўәлаятына сапары даўам етпекте.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

Аҳмаджон ШОКИРОВ,

ӨзАның хабаршылары