Сырт еллерден алып келинетуғын ҳәр қыйлы импорт өнимлери арқалы өзимизде өсип атырған өсимликлердиң зынланыўының алдын алыў, халқымыздың денсаўлығын сақлаў үлкен әҳмийетке ийе.

Усы жыл 5-декабрь күни Нөкис қаласы Сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постында Түркия мәмлекетинен алып келинген 10 тонна апельсин, 10,8 тонна  мандарин өнимлери карантин тексериўинен өткерилгенде,  гүман туўдырып, өнимнен үлгилер алынып, орайлық лабораторияға жиберилген.

– Лабораториялық тексериў жуўмағына муўапық, мандарин  өниминде Aonidiellaauranatii- қызыл померанец  қалқандәри зыянкеси анықланды ҳәм  метил-бромид химиялық  препараты менен фумигация жумыслары исленди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының агроном-инспекторы Т.Қайпов.

Зыянсызландырыў илажлары алып барылғаннан соң өнимниң фитосанитар тазалығы тәмийинленип, ишки базарларға шығарыўға рухсат етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги