Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде  қол урысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң кубоги ушын жарыс болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳуқық қорғаў уйымларының қол урысы федерациясы тәрепинен шөлкемлестирилген жарысқа 14 командадан 150 ге шамалас спортшы қатнасты. Жарыстың финал басқышы кескин гүреслерге бай болып, тамашагөйлерде айрықша қызығыўшылық оятты.

Еки күн даўам еткен жарыста өз салмақ категорияларында Абдимажид Касимов, Аман Ешмуратов, Нурпейс Қарлыбаев, Қурал Қыдырбаев, Шерзад Жуманазаров,  Ағабек Жуманиязов, Үббинияз Төрениязов ҳәм Мирбек Абдихаликовлар биринши орынларды ийеледи.

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеп, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси кубогиниң жеңимпазы болды. Екинши орынды Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, үшинши орынды Қарақалпақстан Республикасы Ҳуқық қорғаў уйымларының қол урысы федерациясы спортшылары қолға киргизди.

-Жарыста 80 килограмм салмақ категориясында бес қарсыласымның үстинен жеңиске ерисип, биринши орынды ийеледим,-дейди Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының хызметкери Шерзад Жуманазаров.-Дәслеп кикбокс бойынша шуғылланған болсам, ҳәзирги ўақытта Ахмед Мадреймовтың басшылығында қол урысы менен шуғылланып киятырман. Мақсетим, алдағы ўақытлары болатуғын мәмлекет чемпионатларында ҳәм халықаралық жарысларда да сыйлы орынларды ийелеў болып табылады.

Сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасып, жеңимпазларды қутлықлады ҳәм Жоқарғы Кеңестиң кубогин тапсырды.

Ҳәр бир салмақ категориясы бойынша сыйлы орын ийелерине медаль, диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы