Усы жылдың 5-9-декабрь күнлери аралығында Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында жоқары оқыў орынлары студентлери арасында «Универсиада-2020» спорт жарысларының жеңил атлетика бойынша финал басқышы болып өтти.

 

Жарыста Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы 6 гүмис ҳәм 8 бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта 5-орынды бәнтледи.

 

Сыйлы орынларды ийелеген студентлер Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери есапланады.

 

Атап айтқанда:

 

400 метрге жуўырыў бойынша ерлер арасында Азиз Қулжанов (НМПИ), ҳаял-қызлар арасында Рано Жамғырбаева (НМПИ) 2-орын;

 

4х200 метрге эстафеталық жуўырыў бойынша ерлер арасында Қожагелди Садўақасов (ҚМУ), Атабек Сабиров (НМПИ), Атабек Узақбаев (ҚМУ), Азиз Қулжанов (НМПИ) 2-орын, ал ҳаял-қызлар арасында Рано Жамғырбаева (НМПИ), Қундызхан Қудайбергенова (НМПИ), Оғулгерак Шамуратова (НМПИ), Муниса Октяброва (НМПИ) 3-орын;

 

4х400 метрге эстафеталық жуўырыў бойынша Рано Жамғырбаева (НМПИ), Гулноза Қудайбергенова (НМПИ), Мафтуна Абабекова (ҚМУ), Муниса Октяброва (НМПИ) 3-орынды ийеледи.

«Универсиада-2020» жарысларында жақсы нәтийжелерди қолға киргизген команда ағзалары салтанатлы түрде күтип алынды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.