ӨзР Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасында профессионал футболды раўажландырыў, «Арал» футбол командасын қоллап-қуўатлаў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў және кадрлар потенциалын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды. Бул ҳаққында «Чемпионат Азия» басылымы хабар бермекте.

 

Усы тийкарда, 2021-жылдан баслап «Арал» футбол командасының суперлигада алдынғысынан өзгеше тәризде қатнасыўы белгиленди.

 

Хабарда жазылыўынша, келеси жылы Суперлигада 14 емес, 16 клуб қатнасады. Ҳәзирше бул бойынша ӨФА ҳәм ПФЛ рәсмий хабар жәрияламады.

 

Мағлыўмат ушын, «Арал» клубы быйыл Биринши лигада ойнады ҳәм ПФЛ келеси жылы бул команданы алдынғысынан өзгеше тәризде Пролигада ойнатыўға тайын екенлигин билдирген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.