Усы жылдың 10-декабрь күни Нөкис қаласындағы Республикалық спорттың гимнастика түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Street workout» спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди. Бул ҳаққында Жаслар ислери агентлигиниң ҚР басқармасы хабар берди.

 

Жарыста қала ҳәм районлардан келген 12-30 жас аралығындағы жигитлер статика, динамика ҳәм техника бойынша үш шәрт тийкарында қатнасты.

Жарыс жуўмағында Тақыятас районынан Елбаев Нурмухан жеңимпазлықты қолға киргизип, кейинги басқыш – Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Жеңимпазлар Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлығы, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги