«Қарақалпақстан Республикасында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша кешиктириўге болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

 

Қарарға муўапық, 2021-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасында республикалық бюджет қаржылары есабынан улыўмалық баҳасы 480 380,1 млн сумды қурайтуғын ирригациялық ҳәм мелиорациялық объектлерди қурыў, реконструкциялаў және мелиорациялық объектлерди оңлаў ҳәм қайта тиклеў жумыслары жойбарларының әмелге асырылыўы жобаластырылған болып, соннан:

 

– ирригациялық объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаўға – 232 852,1 млн сум;

 

– мелиорациялық объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаўға – 115 652,0 млн сум;

 

– мелиорациялық объектлерди системалы оңлаў-қайта тиклеў жумысларына – 131 876,0 млн сум ажыратылған.

 

Сондай-ақ, белгиленген жылларда Қарақалпақстан Республикасында:

 

– 272 насос станцияларында электр энергиясынан пайдаланыўды санлы технологиялар жәрдеминде улыўма 818 электр энергиясын есаплаў ҳәм суў өлшеў қурылмалары орнатылып, «онлайн» режимде қадағалаў;

 

– насос станциялары ҳәм ирригациялық системалар каналларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында жеке меншик секторға бериў бойынша 31 жойбар әмелге асырылыўы белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.