Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Миллий эстрада көркем өниримиздиң тийкарын салыўшылардан бири, заманагөй өзбек мәдениятын дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаў, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик жумысы менен халқымыз мәнаўиятын жоқарылатыўға бийбаҳа үлес қосқан уллы көркем өнер ғайраткери, Өзбекстан халық артисти Ботир Зокиров дөретиўшилик мийрасының жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў бағдарындағы үлкен әҳмийетин есапқа алып және туўылған күниниң 85 жыллығын кеңнен белгилеў ҳәм естелигин мәңгилестириў мақсетинде:
- 1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекстан композиторлары аўқамы, «Өзбеккино» Миллий агентлиги, Республикалық Мәнаўият-ағартыўшылық орайы, Көркем өнер академиясы, Жаслар ислери агентлиги және жәмийетшилик ўәкиллериниң 2021-жылы Өзбекстан халық артисти Ботир Зокиров туўылған күниниң 85 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- 2. Өзбекстан халық артисти Ботир Зокиров туўылған күниниң 85 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 3. Шөлкемлестириў комитети (А.Арипов) бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан халық артисти Ботир Зокиров туўылған күниниң 85 жыллығын белгилеў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығып, тастыйықласын:
2021-жыл декабрь айының биринши он күнлигинде Өзбекстан Халықаралық әнжуманлар сарайында Ботир Зокировтың туўылған күниниң 85 жыллығына бағышланған еслеў кешесин өткериў;
Ташкент қаласында Өзбекстан халық артисти Ботир Зокиров атындағы миллий эстрада жоқары мектебин шөлкемлестириў, ол жерде қосықшының естелигине бағышланған естелик комплексин ҳәм музейин қурыў;
Көркем өнер академиясы тәрепинен Ботир Зокиров естелигин жаратыў бойынша таңлаў жәриялаў ҳәм оны Ташкент қаласында белгиленген тәртипте орнатыў;
Ботир Зокиров жасаған Ташкент қаласы, Шайхантоҳур районы, Наўайы көшеси, 3-жайға мемориаллық тахтасын орнатыў;
Өзбекстан мәмлекетлик филармониясының Миллий эстрада-симфониялық оркестри менен Ботир Зокиров атындағы эстрада оркестрин бирлестирип, Ботир Зокиров атындағы миллий эстрада-симфоникалық оркестрин шөлкемлестириў;
Ботир Зокиров атындағы жәмийетлик фондтың жумысын қоллап-қуўатлаў;
Өзбекстан композиторлары аўқамы және Жазыўшылар аўқамы қатнасыўында «Ботир Зокиров заманласларының ядында» атлы китапты баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў;
Ботир Зокировтың дөретиўшилигине тийисли көркем сүўретлеў өнериниң үлгилери және әдебий шығармаларынан ибарат китап-альбомды өзбек, қарақалпақ, рус ҳәм инглис тиллеринде басып шығарыў;
Ботир Зокиров атындағы заманагөй эстарда қосықшыларының таңлаўын жоқары дәрежеде өткериў;
Ботир Зокировтың өмири ҳәм дөретиўшилик жумысы ҳаққында жаңа ҳүжжетли фильм жаратыў;
Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы арқалы Ботир Зокиров ҳәм Зокировлар әўлады ҳаққында сөз ететуғын ҳүжжетли фильмлерди көрсетиў;
республикамыз театрларында Ботир Зокировтың өмири ҳәм жумысына бағышланған спектакльлерди сахналастырыў;
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясында «Ботир Зокиров дөретиўишилик мийрасының миллий көркем өнеримиздиң раўажланыўындағы орны ҳәм әҳмийети» атамасында илимий конференция өткериў ҳәм әнжуман материалларын топлам ҳалында басып шығарыў;
билимлендириў мәкемелери, мийнет жәмәәтлери, әскерий бөлимлер ҳәм мәҳәллелерде белгили дөретиўшилер, илимпазлар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында Ботир Зокировтың дөретиўшилигине бағышланған ушырасыўлар ҳәм дөретиўшилик кешелерин шөлкемлестириў.
Шөлкемлестириў комитетине Ботир Зокиров туўылған күниниң 85 жыллығын белгилеў шеңберинде өткерилетуғын илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, усы қарар ҳәм илажлар бағдарламасының өз ўақтында сапалы ҳәм толық әмелге асырылыўын муўапықластырып барыў ўазыйпалары жүкленсин.
- 4. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Ботир Зокиров туўылған күниниң 85 жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен жарытып барыў усыныс етилсин.
- 5. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары, шөлкемлестириўшилердиң өз қаржылары және нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.
- 6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 2-декабрь