Нөкис қаласындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебинде Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен «Тийкарғы нызамымыз тынышлық ҳәм бадан турмысымыздың тийкары» сүрени астында шахмат бойынша жарыс болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы шахмат федерациясы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет, оқыўшыларды нызамларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олар арасында саламат турмыс тәризин ҳәм спортты үгит-нәсиятлаў болып табылады.

Жарыстың ашылыў мәресиминде атап өтилгениндей, шахмат спорты өсип киятырған жас әўладтың жетик инсан болып жетилисиўине, сол арқалы Конституция ҳәм оның тийкарында қабыл етилген нызамлардың мазмун-мәниси туўралы ҳуқықый билимлерин буннан былай да арттырыўына, ҳуқықый сана ҳәм мәдениятының раўажланыўына хызмет етиўи менен де әҳмийетли. Қатнасыўшылар түрли жас категориялары бойынша өз-ара жарысты.

Жарыс жуўмағында 10-11 жас аралығында  Ринат Султанов биринши, Мырзабек Сапаров екинши, Әзизбек Азатов үшинши орынларды, 14-17 жас аралығында қызлар арасында Бийбижамал Хожамуратова биринши, Дилфуза Мустафаева екинши, Айнур Өтегенова үшинши, ер балалар арасында Алтынбек Қалмурзаев биринши, Азамат Қәдирбаев екинши, Илья Базарбаев үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпазлар менен белсене қатнасқан мектеп оқыўшыларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Майсара ДОСТАНОВА,

ҚМУ журналистика бағдарының студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги