Өзбекстан Республикасының сыртқы ислер министри Абдулазиз Комиловтың басшылығындағы елимиз делегациясы Сеул қаласында болып өткен «Корея Республикасы – Орайлық Азия» 13-бирге ислесиў форумына қатнасты.

Әнжуманда Өзбекстан, Корея Репсубликасы, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан сыртқы сиясат уйымларының басшылары пандемия шараятында мәмлекетлердиң турақлылығы ҳәм избе-из раўажланыўын тәмийинлеў менен байланыслы тийкарғы бағдарлар және ҳәр тәреплеме структуралар шеңбериндеги бирге ислесиўди және де беккемлеў перспективаларын додалады.

Форумда Өзбекстан сыртқы ислер министри өз-ара исеним ҳәм тығыз бирге ислесиўге тийкарланған әдалатлы глобал системаны қәлиплестириў арқалы коронавирус инфекциясына қарсы биргеликтеги гүресиў, емлеў усылларын жетилистириў және жаңа эпидемиологиялық-санитариялық стандартлар ҳәм қағыйдаларды енгизиў бойынша мәлимлеме алмасыўды даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти. Халықтың саламатлығын қорғаў системасы ҳәм экономикалық процесс арасындағы тең салмақлылықты тәмийинлеў зәрүр екени атап өтилди.

Илаж қатнасыўшылары Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған БМШ қәўендерлигинде Пандемиялар дәўиринде мәмлекетлердиң ықтыярлы миннетлемелери ҳаққындағы халықаралық кодексти ислеп шығыў басламасының концептуаллық әҳмийети ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетлик уйымлар, экономика тармақлары ҳәм социаллық турмыстың басқа тараўларының жумысына санлы технологияларды кеңнен енгизиў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийети айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, қатнасыўшылардың итибары климат өзгериўи Орайлық Азия регионының турақлы раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетип атырғанына да қаратылды. Сол көзқарастан, Арал теңизи қурыўының экологиялық ақыбети, Аралбойы халқына халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жәрдем көрсетиў механизми талланды.

Форум жуўмағында биргеликтеги билдириў қабыл етилди.

Сапар шеңберинде А.Комилов Қубла Кореяның сыртқы ислер министри Кан Гён Хва менен де ушырасты. Сыртқы сиясат уйывмларының басшылары еки тәреп күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелерин додалады. Ҳәр қыйлы дәрежедеги болажақ бирликтеги илажлардың шөлкемлестириў өзгешеликлерин көрип шықты.

Корея тәрепи сиясат, саўда, инвестиция, қаржы, мәлимлеме-коммуникация, илим ҳәм технология тараўларында өз-ара бирге ислесиў пәтине жоқары баҳа берди.

2019-жыл еки тәреплеме қатнасықларды айрықша стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилиўи Өзбекстан-Қубла Корея байланысларының терең ҳәм узақ мүддетли екенинен дәрек беретуғыны атап өтилди.

Коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў бағдарындағы бирге ислесиўге байланыслы унамлы тәжирийбе қанаатланыўшылық пенен тән алынып, пандемияның социаллық-экономикалық ақыбетин сапластырыў бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен байланыслы тийкарғы бағдарлар белгилеп алынды.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланыслардың тийкарғы әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Өз-ара саўданың бурынғы өсиў пәтин сақлап қалыў ҳәм өним алмасыў және хызмет көрсетиў көлемин арттырыў бойынша анық илажларды көриўден еки тәрептиң де мәпдар екени билдирилди.

Денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Өзбекстанда жаңадан медицина мәкемелерин қурыў бойынша биргеликтеги жойбарлардың әмелге асырылыў мәселеси көрип шығылды.

Министрлер тәреплерди қызықтырған халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша пикир алысты.

 

ӨзА