Японияда ислеп шығарылатуғын Mazda дүнья бойынша ең исенимли автомобиль деп тән алынды. Американың «Consumer Reports» журналы қәнигелери исенимли машиналардың рейтингин дүзип шықты.

Бул дизимниң фаворити максимал 100 баллдан 83 балл топлады. Ең сапалы модельлер дизимине болса MX-5 Miata, CX-30 ҳәм CX-3  киргизилген.

Японияның және бир бренди-  Toyota 74  балл менен рейтингте екинши орынды ийеледи. Анализлеўшилер Prius, Corolla ҳәм Prius Prime модельлерине айрықша итибар берген. Үшинши орын  Lexus ( 71 балл)ға несип етти. Бул маркаға байланыслы ең жақсы моделлер деп UX, NX ҳәм GX тән алынды.

Сондай-ақ, күшли онлықтан Buick, Honda, Hyundai, Ram, Subaru, Porsche, Dodge сыяқлы автомобиль ислеп шығарыўшылары орын алған.

Рейтингти дүзиўде 330 мың айдаўшының пикири есапқа алынды: олар кейинги жыллары машиналарында анықланған машқалаларды изертлеўшилерге мәлим еткен.

 

Қарақалапақстан хабар агентлиги