LG экраны ашылатуғын ноутбукты патентледи. Бул ҳаққында «Root MyGalaxy» редакциясы хабар берди.

Ойлап табылыўдың сыпатламасына бола, компьютер ийилиўшең экран менен үскенеленип, оны орап, ноутбук қутысына салып қойыў мүмкин. Трансформация электр мотор жәрдеминде басқарылады. Қурылма клавиатурасы да жыйналатуғын конструкцияға ийе. Журналистлердиң сөзлерине бола, бул үскене жыйналған жағдайда саундбарды еске салады.

Атап өтилиўинше, ноутбук диагоналы 133-17 дюймли орама дисплей менен үскенеленеди. Базардағы көп ғана ықшам компьютерлерден өзгеше түрде Корея компаниясы ислеп шығарған үскенениң қасында қуўатлайтуғын түймеси болады. Журналистлер бундай қурылма арқалы LG компьютери басқа ноутбукларға қарағанда қолайлылығы ҳәм мобильлиги менен ажыралып туратуғынын атап өтпекте.

Сентябрьдиң ақырында LG орама матрицалы биринши  телевизорды таныстырды. 100 миллион Корея воны (шама менен 930 миллион сум)на баҳаланған LG Signature OLED TV R аппараты ийилиўшең OLED-дисплейине ийе болып, арнаўлы үскенеге оралады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги