Усы жыл 23-ноябрьден баслап Өзбекстан Республикасының бес аймағында футбол шеберлик мектеплери тәрбияланыўшылары арасында Өзбекстан кубоги жарысына старт берилди.

Жарыста 2003-2004-2005- 2006 ҳәм 2007-жылы туўылған жас өспиримлер өз-ара беллеседи.

Кубок ойынлары усы жыл 23-28-ноябрь күнлери аралығында 2003-жылы туўылған жас өспиримлер арасында Ферғана ўәлаятында, 2004-жылы туўылған жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан Республикасында, 2005-жылы  туўылған жас өспиримлер арасында Наўайы ўәлаятында, 2006-жылы туўылған жас өспиримлер арасында Жиззақ ўәлаятында,  2007-жылы   туўылған жас өспиримлер арасында Самарқанд ўәлаятында өткериледи.

Жарыс республика аймағында әмелдеги ФИФА қағыйдалары тийкарында өткериледи.

Солай етип, бүгин пайтахтымыздағы «Туран» стадионында Наўайы ҳәм Хорезм ўәлаятларының жас өспиримлер командалары биринши тур ойынын баслады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги