Чирчиқ қаласындағы Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети спорт манежинде кадетлер арасында еркин гүрес бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Узақ даўам еткен карантиннен соң биринши мәрте өткерилген жарыс 2004-2005-жылларда туўылған жас өспиримлер арасында болып өтип, қызғын беллесиўлер нәтийжелерине муўапық жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери анықланды.
Өзбекстан бириншилигинде жас палўанлар 10 салмақ категориясы бойынша чемпионлық ушын өз ара беллести.
Чемпионатта Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасқан жас өспиримлер жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.
Жерлеслеримизден 55 кг салмақ категориясында Ж.Исмайылов, 65 кг салмақта С.Жумабаев ҳәм 110 кг салмақта Ҳ.Қурбанов 3-орынды ийелеп, бронза медальларын жеңип алған болса, 110 кг салмақ категориясында финал беллесиўине шекем барлық қарсыласларынан үстин келген Л.Мәдияров 2-орынды алып, гүмис медаль менен сыйлықланды.
Қарақалпақстанлы спортшылардан ең жоқары нәтийже 92 кг салмақ категориясында қолға киргизилди. Жерлесимиз Айназар Базарбаев усы салмақта барлық қарсыласларын жеңип, 1-орынды ийеледи ҳәм Өзбекстан чемпионы болды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.