Елимизде коронавирус пандемиясы себепли көплеген спорт жарыслары тоқтатылған еди. Карантин шеклеўлери басқышпа-басқыш жумсартылыўы нәтийжесинде спорт жарыслары, чемпионатлар өткериле баслады.
Жас спортшыларымыз карантин шараятында да өзлери үстинде тынымсыз ислеп, бүгинги күнде көз қуўандыратуғын жетискенликлерге ериспекте.
Усы жыл 13-15-ноябрь күнлери аралығында Беларусь Республикасының Минск қаласында спорттың қол урысы бойынша өткерилген Жәҳән кубогинде жерлесимиз Батырбек Хожабаев 90 килограмм салмақ категориясында биринши орынды ийеледи.
Cондай-ақ, быйыл 16-17-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың қол урысы бойынша өткерилген Өзбекстан чемпионатында Н.Қарлыбаев, Ш.Жуманиязов, А.Ешмуратовлар өз салмақ категорияларында биринши орынды ийеледи.
Қызлар арасында усы жылы 10-15-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың бокс түри бойынша өткерилген Өзбекстан чемпионатында М.Ахметова, Г.Тилеўбергеновалар биринши, Я.Каримова екинши, Д.Кенжебаева, С.Олиева, Л.Нуллаева, С.Наўрызбаевалар үшинши орынды ийеледи.
Спортшыларды жарысқа А.Маткаримов, М.Жумабаев, Т.Адилшаев, Р. Өтениязов, Б.Дүйсенбаевлар таярлады.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы