Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Сайлаўалды бағдарламасында ноябрь – «Медициналық мәдениятты арттырыў айлығы» етип белгиленген.

Мине, усы мүнәсибет пенен ӨзМТДП Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласы ХББға қараслы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллимлери арасында «Спорт – денсаўлықтың гиреўи» атамасында спорттың волейбол ҳәм баскетбол түрлери бойынша жарыс өткерилди.

Жарыстың ашылыў мәресиминде ӨзМТДП Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы А.Нурумбетова, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты  Г.Қожабаева, Нөкис қалалық денетәрбия ҳәм спорт бөлиминиң баслығы К.Ержановлар шығып сөйлеп, ҳәр бир инсан турақлы спорт пенен шуғылланыўы кереклиги, ғалабалық спортты раўажландырыў, саламат турмыс тәризин жаратыў, денетәрбия ҳәм спорттың инсан саламатлығы ушын үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Жарыс жуўмағында жеңимпаз команда қатнасыўшыларына партия тәрепинен таярланған саўғалар ҳәм Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги