Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Соңғы жыллары гидрометеорология хызметин раўажландырыў, экономика тармақларын ҳәм халықты гидрометеорологиялық мағлыўматлар менен тәмийинлеў системасын жетилистириў бойынша турақлы жумыслар әмелге асырылды.
Ҳәзирги ўақытта миллий гидрометеорология хызмети 30 дан аслам гидрометеорологиялық бақлаўлар ҳәм қоршаған тәбийғый орталықтың патасланыў мониторингин алып барыўшы пунктлерди бирлестирип, олардың жәрдеминде 240 түрден аслам прогнозлық, жасалма жолдаслардан алынатуғын, аналитикалық қәнигелестирилген ҳәм мағлыўматнама түринде гидрометеорологиялық өнимлердиң таярланыўы жолға қойылған.
Соның менен бирге, суў ҳәм аўыл хожалығы, энергетика, қала қурылысы, санаат, транспорт ҳәм туризм сыяқлы ҳаўа райына байланыслы экономика тармақларының турақлы раўажланыўы және жумыс ислеўине жәрдемлесетуғын гидрометеорологиялық хызметлердиң сапасы ҳәм мағлыўматлардың өз ўақтында берилиўине унамсыз тәсир ететуғын бир қатар машқалалардың бар екенлиги усы тараўға айрықша итибар қаратыўды талап етпекте.
Атап айтқанда, гидрометеорология жумысын тәртипке салыўдың ҳуқықый тийкарларының системаластырылмағанлығы, гидрометеорология хызметин раўажландырыўдың узақ мүддетли концепциясының жоқ екенлиги, усы тараўдағы илимий-изертлеў жумысының заман талапларына жуўап бермеўи, гидрометеорологиялық бақлаў тармағының раўажланбағанлығы, сондай-ақ, басқарыў ҳәм прогнозлар таярлаў процесслериниң артықша орайластырылғанлығы, хызметкерлердиң жетерли дәрежеде материаллық хошаметленбей атырғанлығы жүкленген ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлемей атыр.
Экономика тармақларын ҳәм халықты гидрометеорологиялық ҳәм климат мағлыўматлары менен тәмийинлеў ҳәм мониторинг жүргизиў системаларын жетилистириў, сондай-ақ, гидрометеорологиялық мәлимлемени алыў, топлаў ҳәм тарқатыўда заманагөй мәлимлеме және жасалма жолдас технологияларынан кеңнен пайдаланыў мақсетинде:
- 1. Төмендегилер:
а)2020-2025-жыллары Өзбекстан Республикасы гидрометеорология хызметин раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда-Концепция) 1-қосымшаға муўапық;
б) 2020-2022–жыллары Өзбекстан Республикасы гидрометеорология хызметин раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша «жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық;
в) Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети орайының бақлаў тармағын кеңейтиў ҳәм автоматластырыў бойынша бағдарлама (кейинги орынларда – Бағдарлама) 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Бағдарлама 2020-2025-жыллары Өзбекстан Республикасының Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети орайы (кейинги орынларда – Өзгидромет) ушын нәзерде тутылған Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары, сондай-ақ, халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылады.
- 2. Өзгидромет Өзбекстан Республикасында гидрометеорология, климат өзгериўи ҳәм қоршаған тәбийғый орталықтың патасланыў мониторинги тараўында ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленсин.
Өзгидромет Орайлық Азия мәмлекетлери ушын Жәҳән метеорология шөлкеминиң Регионаллық қәнигелескен метеорология орайы, сондай-ақ, Жәҳән метеорология шөлкеми Жәҳән ҳаўа-райы хызметиниң гидрометеорологиялық мағлыўматларды жыйнаў, қайта ислеў ҳәм тарқатыў бойынша регионаллық телекоммуникация орайының функцияларын орынлайтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 3. Өзгидромет жанындағы «Метеоинфосистем» мәлимлеме-техникалық басқармасы тийкарында «Гидрометеорологияда мәлимлеме технологияларын раўажландырыў орайы» мәмлекетлик мәкемеси (кейинги орынларда «Метеоинфоком») шөлкемлестирилсин.
Метеоинфоком хызметкерлерине Өзгидромет хызметкерлери ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм сыйлықлаў тәртибиниң қолланылатуғыны;
Метеоинфокомды ағымдағы сақлаў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм хызметкерлердиң мийнетин қосымша материаллық хошаметлеў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў Мәмлекетлик бюджет, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- 4. Айрықша жағдайлар министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Өзгидрометтиң Ташкент гидрометеорология колледжи тийкарында Ташкент гидрометеорология техникумын ( кейинги орынларда – Техникум) шөлкемлестириў ҳәм оны Өзгидромет системасына өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Техникум гидрометеорология тараўында орта буўын қәнигелерди таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша базалық оқыў мәкемеси, метеорология, гидрология, гидрометеорологияда байланыс ҳәм коммуникациялар тараўында кәсип-өнер тәлими бойынша оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў ушын жуўапкер етип белгиленсин.
Техникумда кадрлар таярлаў мәмлекетлик буйыртпа ҳәм төлемли-шәртнама тийкарында әмелге асырылатуғыны;
Техникумның объект ҳәм имаратларын сақлаў, хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
Техникум Жәҳән метеорология шөлкеминиң Регионаллық оқыў орайы функцияларын орынлайтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 5. Айрықша жағдайлар министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Өзгидрометте гидрометеорология, қәўипли гидрометеорологиялық қубылыслардан ескертиў ҳәм олардың алдын алыў, авиацияға метеорологиялық хызмет көрсетиў ҳәм қоршаған тәбийғый орталықтың патасланыў мониторинги тараўында жумыс ислейтуғын хызметкерлердиң Ташкент гидрометеорология техникумында бағдарлама тийкарында қәнигелигин арттырыў тәртиби енгизилсин.
Усы бәнттиң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Айрықша жағдайлар министрлиги (Т.А.Худайбергенов), Қорғаныў министрлиги (Б.Н.Қурбонов), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) бир ай мүддетте хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў бойынша илажлар режесин ислеп шықсын.
- 6. Министрлер Кабинети, Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Өзгидрометтиң «Гидрометприбор» илимий-өндирислик кәрханасын сапластырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- 7. Өзгидромет структурасында:
Өзгидромет хызметкерлериниң улыўма шекленген саны шеңберинде Бас директордың мәлимлеме технлогияларын енгизиў ҳәм инновацияларды раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары және Бас директордың қаржы-хожалық мәселелери бойынша орынбасары лаўазымлары енгизилсин;
Ташкент қалалық гидрометеорология басқармасы шөлкемлестирилсин.
- 8. Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети орайының шөлкемлестириў структурасы 4-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети орайы орайлық аппаратының структурасы 5-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы гидрометеорология басқармаларының үлги структурасы 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзгидромет бас директорына, зәрүр жағдайларда, орайлық аппарат, оның қурамлық структуралары ҳәм аймақлық басқармалары структурасына хызметкерлердиң белигленген улыўма шекленген саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- 9. 2021-жыл 1-январьдан баслап:
а) Өзгидромет ҳәм Метеоинфоком хызметкерлериниң лаўазым мийнет ҳақыларын есаплаўда Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядлары ушын белгиленген тариф коэффициенти еки есеге арттырылған жағдайда қолланылсын;
б) Өзгидромет ҳәм Метеоинфоком хызметкерлерине тараўда узақ мүддет хызмет еткени ушын төмендеги муғдарда айлық үстеме ҳақы төленсин (белгиленген үстемелерди есапқа алған ҳалда лаўазым мийнет ҳақысына салыстырылған коэффициентлерде):
2 жылдан 5 жылға шекем – 0,2; 5 жылдан 10 жылға шекем – 0,3; 10 жылдан 15 жылға шекем – 0,4; 15-жылдан 20 жылға шекем – 0,5; 20 жылдан 25 жылға шекем – 0,6; 25 жылдан артық – 0,7.
Онда, тараўда узақ мүддет хызмет еткени ушын мийнет ҳақысына үстеме ҳақы алыў ҳуқықын беретуғын мийнет стажын есаплаўда Өзгидромет ҳәм оның система шөлкемлериндеги жумыс стажы есапқа алынады.
Усы бәнтте белгиленген илажларды әмелге асырыўға байланыслы, сондай-ақ, Гидрометеорология илимий-изертлеў институтының объект ҳәм имаратларын сақлаў, хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў бойынша қәрежетлер Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) усы бәнтте белгиленген илажларды әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлерди Мәмлекетлик бюджеттиң қаржыларынан қаржыландырыўды тәмийинлесин.
- 10. Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдураҳмонов) Гидрометеорология илимий-изертлеў институтының экономика тармақларына глобал климат өзгериўиниң унамсыз тәсирин азайтыў ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыўға бағдарланған гидрометеорология жумысы бойынша илимий жойбарларды қәлиплестириў арқалы илимий-изертлеў қолланбаларын қаржыландырыўды тәмийинлесин.
Гидрометеорология илимий-изертлеў институты тәрепинен 2021-2023-жыллары өткерилетуғын илимий-изертлеўлердиң тийкарғы бағдарлары 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 11. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Өзгидрометтиң 2021/2022 оқыў жылынан баслап Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде Гидрометеорология факультетин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- 12. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги жанындағы «Эл-юрт умиди» қоры 2021-жылдан баслап белгиленген тәртипте Өзгидрометтиң потенциаллы хызметкерлерин жетекши сырт елдиң билимлендириў, илимий ҳәм қәнигелестирилген мәкемелеринде оқытыў, маманлығын арттырыў және стажировкадан өтиўин шөлкемлестирсин.
- 13. Өзгидромет (Ш.Ҳ.Ҳабибуллаев):
а) гидрометеорология тараўында халықаралық бирге ислесиўди және де жетилистириў, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Климат өзгериўи ҳаққындағы ағзалық Конвенциясы ҳәм Париж келисими шеңбериндеги миннетлемелердиң орынланыўы бойынша ҳәр ярым жылда Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын;
б) Министрлер Кабинети жанындағы Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги (Ш.М.Қодиров), Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.М.Содиков), Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахмонов) менен биргеликте еки ай мүддетте гидрометеорология жумысында жасалма жолдас ҳәм жерди аралықтан зонтлаў технологияларынан кеңнен пайдаланыў, сондай-ақ, гидрометеорологиялық мағлыўматлар менен алмасыў ушын мағлыўматлар жеткериўдиң бирден-бир телекоммуникация тармағын жаратыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
в) Өзбекстан Республикасында авиацияны метеорологиялық мағлыўматлар менен тәмийинлеў тараўында халықаралық нормативлик ҳүжжетлердиң қағыйдалары ҳәм талапларын миллий көлемде әмелге асырыў бойынша Жәҳән метеорология ҳәм Халықаралық пуқаралық авиациясы шөлкеми менен бирге ислесиўди тәмийинлесин;
г) 2021/2022 оқыў жылынан баслап Россия мәмлекетлик гидрометеорология университети ҳәм басқа да сырт ел билимлендириў мәкемелери менен биргеликте бирликтеги билимлендириў бағдарламалары бойынша гидрометеорология бағдарында кадрлар таярлаўды шөлкемлестирсин;
д) қәўипли гидрометеорологиялық қубылысларды болжаў, бақлаў, олардың жүз бериў қәўипи жоқары болған регионлар ҳәм аймақларды анықлаў, тийисли профилактикалық илажларды әмелге асырыў бойынша зәрүр көрсетпелер бериўди тәмийинлесин, сондай-ақ, айрықша жағдайларда олардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиў мәмлекет системасындағы хызметлерге оператив гидрометеорологиялық мағлыўматларды берип барсын;
е) төмендегилерди:
үш ай мүддетте қоршаған тәбийғый орталықтың мониторинги таллаў лабораторияларының материаллық-техникалық үскенелениўин түп-тийкарынан жақсылаў, сондай-ақ, таллаўларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған химиялық реактивлер, сынақ газлери, прекурсорлар ҳәм басқа да сарыплаў материллары менен оларды тәмийинлеў бойынша усынысларды;
2022-жылдан баслап ҳәр жылы 1–декабрьге шекем усы жыл ушын белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын терең таллаған ҳалда Концепцияны әмелге асырыў бойынша келеси жылға мөлшерленген илажлар бағдарламасын;
2021-жыл 1-февральға шекем гидрометеорология жумысын әмелге асырыўшы юридикалық тәреплердиң жумысына руқсат бериў ҳәм мағлыўмат алмасыў тәртибин;
2021-жыл 1-мартқа шекем халықаралық финанс институтлары ҳәм фондлардың гидрометеорология ҳәм қоршаған тәбийғый оратлықтың мониторингин жетилистириўге бағдарланған техникалық жәрдем жойбарларының бағдарламасын;
«Гидрометеорология жумысы ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекстанда хызмет көрсеткен гидрометеоролог» атағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы нызам жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин;
ж) Энергетика министрлиги (А.С.Султанов) менен биргеликте қуяш ҳәм самал электростанцияларын қурыў жойбарларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында әмелге асырыўда инвесторларға шәртнама тийкарында метеорологиялық ҳәм гидрологиялық мағлыўматларды бериўди шөлкемлестирсин;
з) Энергетика министрлигиниң буйыртпасына бола, шәртнама тийкарында, жаңадан қуяш ҳәм самал электростанцияларын қурыў режелестирилген аймақларда тийисли үйрениўлер ҳәм изертлеўлерди әмелге асырсын.
- 14. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери 8-8о-қосымшаларға муўапық Өзгидромет буйыртпалары бойынша Бағдарламада нәзерде тутылған жаңадан ашылып атырған гидрометеорология станциялары ҳәм постлары ушын жер участкалары (суўғарылатуғын аўыл хожалығы жерлеринен тысқары)ның ажыратылыўын және жергиликли бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан объект-имаратлар қурыўды тәмийинлесин.
- 15. Өзгидромет (Ш.Ҳ.Ҳабибуллаев) Аўыл хожылығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) ҳәм Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Ҳамраев) менен биргеликте 9-қосымшаға муўапық тараўларға тартылатуғын халықаралық финанс шөлкемлериниң грантлары есабынан ҳәзирги бар ҳәм жаңадан ашылып атырған метеорология, гидрология ҳәм агрометеорология станциялары ҳәм постларын автоматикалық қурылмалар менен үскенелеўди және хзызметкерлердиң қәнигелигин арттырыўды тәмийинлесин.
- 16. Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети (Н.Ж.Бакиров) Өзгидромет (Ш.Ҳ.Ҳабибуллаев) ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары менен биргеликте гидрометеорологиялық мағлыўматлар тийкарында шөлистанлықтың алдын алыў, қурғақшылыққа қарсы гүресиў, тоғайларды қайта тиклеў ҳәм қорғаныў тоғайларын көбейтиў жумысларын нәтийжели шөлкемлестирсин.
- 17. Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Ҳамраев) Өзгидромет (Ш.Ҳ.Ҳабибуллаев) менен биргеликте суў резервлери ҳәм ресурсларын қадағалаў, суў ресурслары бойынша прогнозлардың исенимлилигин арттырыў бағдарында оператив гидрометеорологиялық мағлыўматлар берип барыўды тәмийинлесин.
- 18. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.М.Садиков) Өзгидрометте мағлыўматларды жеткериў бирден-бир корпоратив системасын шөлкемлестириў арқалы гидрометеорологиялық мәлимлеме ҳәм жасалма жолдас мағлыўматларының бирден-бир телекоммуникация тармағын жаратыўды тәмийинлесин.
- 19. Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети (А.И.Маҳсудов), Энергетика министрлиги (А.С.Султанов) ҳәм Транспорт министрлигиниң (И.Р.Маҳкамов) Өзгидрометтиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, гидрометеорологиялық инфраструктурасын жаңалаў және тараўға маман қәнигелерди тартыў мақсетинде усы қарардың 10-қосымшасына муўапық қаржыларды бир ай мүддетте көрсетилетуғын хызметлер ушын алдыннан төлем сыпатында Өзгидрометке өткерип бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- 20. Өзгидромет тәрепинен көрсетилип атырған хызметлер ҳәм мағлыўматлар шәртнама тийкарында усынылатуғыны белгиленсин.
Өзгидромет Бас директорына (Ш.Ҳ.Ҳабибуллаев):
Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда Өзгидромет тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын және де жақсылаў, ҳаўа-райы прогнозларының анықлығын арттырыў және тараўдың инфраструктурасын жаңалаўға жетерли шараятлар жаратыў мақсетинде көрсетилип атырған барлық хызмет тарифлерин тастыйықлаў;
гидрометеорология тараўындағы алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў мақсетинде сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин ҳәм жергиликли қәнигелерди белгиленген штат бирликлери шеңберинде шәртнама тийкарында жумысқа тартыў ҳуқықы берилсин.
Маман қәнигелер ҳәм Өзгидромет арасында дүзилген мийнет шәртнамасында белгиленген муғдардағы мийнет ҳақысын төлеў менен байланыслы қосымша қәрежетлер Өзгидрометтиң бюджеттен тысқары қаржылары және халықаралық финанс институтларының грант ҳәм техникалық жәрдем қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- 21. Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:
Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети орайы ҳаққындағы режени;
Гидрометеорология илимий-изертлеў институтының структурасын;
Ташкент гидрометеорология техникумында Айрықша жайдайлар министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Өзгидромет хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў тәртибин тастыйықласын;
Өзгидромет тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер ушын тарифлер ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- 22. Төмендегилер:
а) Бас министрдиң мәсләҳәтшиси О.М.Умаров:
усы қарардың сапалы, толық ҳәм өз ўақтында орынланыўы, жуўапкер министрликлер және уйымлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў, олардың басшыларының көрилген илажлар ҳаққындағы есабатларын тыңлаў, анықланған машқала ҳәм кемшиликлерди оператив сапластырыўға;
«Жол картасы» ҳәм Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын муўапықластырыўға;
усы қарарда нәзерде тутылған көрсеткишлерге толық ҳәм өз ўақтында ерисиўди тәмийинлеў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың биринши гезектеги ўазыйпаларын белгилеп бериў және жумысын муўапықластырып барыўға;
әмелге асырылған жумыслар бойынша жуўапкерлердиң ҳәр айлық есабатларын тыңлап барыўға;
жүкленген ўазыйпаларын толық ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлемеген лаўазымлы шахсларға лаўазымынан азат етиўге шекемги тәсирли илажларды қолланыў ҳаққындағы усынысларды киргизип барыўға;
б) қаржы министри Т.А.Ишметов:
зәрүр қаржылардың өз ўақтында ажыратылыўы, мәнзилли жумсалыўы ҳәм толық өзлестирилиўине;
бюджеттен қосымша ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўын қадағалаўға;
в) Өзгидромет бас директоры Ш.Ҳ.Ҳабибуллаев:
«Жол картасы» ҳәм Бағдарламада нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаўға;
гидрометеорология хызметлерин көрсетиў жумысына интеллектуаллық системалар, мәлимлеме ресурслар ҳәм басқа да бағдарламалық өнимлерди енгизиўге;
гидрометеорология хызметиниң технологиялық инфраструктурасын раўажландырыўға;
г) тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына «Жол картасы» ҳәм Бағдарламада нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаўға;
д) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери Өзгидрометтиң аймақлық басқармаларын раўажландырыў бағдарламаларын орынлаўға жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
- 23. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-июньдағы «Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3029-санлы қарары 4-бәнтиниң алтыншы абзацы және қарардағы 10-қосымша өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- 24. Өзгидромет мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 25. Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 17-ноябрь