Наўайы қаласындағы жекпе-жек гүрес спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорт гүреслери (грек-рим, еркин ҳәм ҳаял-қызлар гүреси) бойынша ересеклер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтпекте.

 

Жарыста Қарақалпақстан Республикасы, барлық ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан улыўма 450 палўан чемпионлық ушын беллесиўлерге киристи.

 

Өзбекстан чемпионатының дәслепки күнинде грек-рим гүреси бойынша 10 салмақ категориясында жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери анықланды.

 

Олар арасында қарақалпақстанлы спортшылар бар екенлиги ҳәммемизди қуўанышқа бөледи.

 

Жерлеслеримизден 63 кг салмақта Т.Тиркашев, 67 кг салмақта С.Елмуратов сыйлы 3-орынды ийелеген болса, 82 кг салмақта тек ғана Өзбекстанда емес, Азия ҳәм жәҳән бириншиликлеринде де фаворитлер қатарында тилге алынатуғын Ж.Бердимуратов 1-орынды ийеледи.

 

Еркин гүрес бойынша өткерилген беллесиўлерде де жерлеслеримиз жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.

 

92 кг салмақ категориясында барлық қарсыласларын жеңип, финалға шекем жетип барған жерлесимиз Ә.Сапарниязовқа финалда бираз әўмет жетиспеди. Ол жарыстың гүмис медалы менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.