Аўыл хожалығы тараўында бүгинги күнде әмелге асырылып атырған илажлар тийкарында, халық пайдаланатуғын өнимлердиң сапалылық дәрежесин арттырыў және азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдей жуўапкершиликли ўазыйпа турыпты.
Мәмлекетимизде бул тараўда нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Пандемия себепли халық пайдаланатуғын өнимлер – мийўе-овощ ҳәм палыз егинлериниң экспорты артты. Соларды нәзерде тутқан ҳалда Беруний районында аўыл хожалығы тараўында жерден өнимли пайдаланыў, үнемлеўши суў технологияларын енгизиў, 2021-жылдың кепилленген өними ушын гүзги шүдигарлаў жумысларын өз ўақтында алып барыў мақсетинде отрядлар шөлкемлестирилип, зәрүр техникалар иске түсирилди.
Келеси жылдың өними ушын Беруний районындағы 153 фермер хожалықлары ҳәм Беруний кластер жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 8700 гектар жерди шүдигарлаў белгиленген. Бүгинги күнде машина-трактор парклери, механизаторлар гүзги шүдигарлаў жумысларына киристи.
Бул илажлардың өткерилиўи келеси жылдың өнимине пуқта таярлық көриў ҳәм жоқары өнимдарлықты тәмийинлеў болып есапланады. Усы мақсетте аймақта 13 отряд шөлкемлестирилген болып, олардың тийкарғы ўазыйпалары шүдигарлаў жумысларын ўақтында ҳәм сапалы орынлаўға қаратылған. Ҳәр бир контурды шүдигарлаў жумысын отряд басшыларының сертификат тийкарында қабыл етип алыў, шүдигарлаў жумыслары үстиннен қатаң қадағалаў орнатыў, соның менен бирге, усы жумыслар сапасыз орынланған жағдайларда белгиленген тәртипте актлерди рәсмийлестириў және айыпкерлерге тийисли илажлар көриў ўазыйпасы «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы Беруний районы бөлимине жүкленген.
Жер инсаниятты өз өнимлери менен сыйлар екен, жерди қараўсыз қалдырыўға ҳеш биримиздиң ҳақымыз жоқ.
Үмиджан Қаландаров,
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Беруний районы бөлими баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги