Сырт мәмлекетлерде алған айдаўшылық гүўалықлары менен Өзбекстан аймағында автомототранспорт қуралын басқарыў мүмкин бе? Бул сораўға Әдиллик министрлиги Мәлимлеме хызметиниң басшысы Севара Ўринбоева жуўап берди, деп хабар береди xs.uz.

«Яқ. Өзбекстан пуқаралары ушын Өзбекстан аймағында тек миллий айдаўшылық гүўалықлары автомототранспорт қуралларын басқарыў ушын ҳақыйқый деп есапланады.

Басқа сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың және Өзбекстан пуқараларының сырт мәмлекетлерде алған айдаўышылық гүўалықларын миллий адаўшылық гүўалықларына алмастырыўдан алдын олар ЖҲҚББ арқалы Сыртқы ислер министрлигинде тексериледи. Тексериў нәтийжесинде айдаўшылық гүўалықлары татсыйықланған шахслардың айдаўшылық гүўалығы, олар медициналық тексериўден өтип, теориялық ҳәм әмелий имтиханларды тапсырғанынан соң, миллий айдаўшылық гүўалықларына алмастырылады», деди Ўринбоева.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги