Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық, соның ишинде, өндирислик ҳәм инвестициялық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, аймақта инженерлик-коммуникация, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураларды жақсылаў, экономика тармақларын турақлы раўажландырыў, сол тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў мақсетинде:
- 1. Төмендегилер 2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
а) инженерлик-коммуникация ҳәм жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў тараўында:
141 мыңнан аслам халықты орайласқан ишимлик суўы тәмийнаты тармағына жалғаў ҳәм халықтың орайласқан тармақлар арқалы таза ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежесин 61,5 проценттен 70,1 процентке жеткериў;
Нөкис қаласы, Тақыатас ҳәм Хожели районларының орайларында 105 мыңнан аслам халықтың турақ жайларын ақаба суў тармақларына жалғаў ҳәм олардың ақаба суў хызметлери менен тәмийинлениў дәрежесин 14,1 проценттен 20,2 процентке жеткериў;
Нөкис қаласы ҳәм Тақыатас районында көп квартиралы турақ жайлардың ишки ыссылық тәмийнаты системаларын толық реконструкциялаў;
9 елатлы пунктте тәбийғый газ тармақларын толық оңлаў ҳәм 246 елатлы пунктти турмыслық газ баллонлары менен үзликсиз тәмийинлеў;
442 трансформатор пунктин ҳәм 1 023,8 км электр узатыў тармақларын қурыў және реконструкциялаў ҳәм электр энергиясының тутыныў қуўатлылығын 1,5 миллиард кВт/сааттан 2,1 миллиард кВт/саатқа арттырыў;
444,7 км халықаралық ҳәм республикалық әҳмийетке ийе және 408,1 км жергиликли ҳәм ишки автомобиль жолларын жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў;
290 халық жасаў пунктине оптикалық талшықлы тармақларды тартыў, 150 жаңа базалық станция қурыў ҳәм 200 ин модернизацяилаў, ҳәр бир елатлы пунктти 10 МБ/сааттан аз болмаған тезликтеги Интернет тармағына жалғаў;
90,9 мың гектар аўыл хожалығы жер майданларының суў тәмийнатын, 208 мың гектар майданның мелиоративлик жағдайын жақсылаў ҳәм 45 мың гектар егислик жерлерде суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў;
б) социаллық инфраструктураны раўажландырыў тараўында:
21 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 400 шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратларын қурыў, 55 ин реконструкциялаў ҳәм толық оңлаў, 20 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестириў;
7 улыўма орта билимлендириў мектебин қурыў, 101 мектепти реконструкциялаў ҳәм толық оңлаў, сол тийкарда улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыўшы орнының коэффициенти 1,1 проценттен артып кетпеўин тәмийинлеў;
32 медициналық мәкемени қурыў, реконструкциялаў және жеке меншик медицина шөлкемлерин шөлкемлестириў, сол тийкарда медицина мәкемелериниң қабыл етиў қуўатлылығын 20,4 мыңға, орынлар санын 7,1 мыңға жеткериў;
21 мәденият объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў, сол тийкарда халыққа мәдений хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, олардың мәдений талапларын қанаатландырыў ҳәм бос ўақтының мазмунлы өтиўин тәмийинлеў;
181 мектепти « Бир миллион программист» жойбарына киргизиў ҳәм 3 мыңнан аслам жасларды компьютерде программаластырыў тийкарларына үйретиў арқалы санлы технологиялар бағдарында жетик қәнигелерди таярлаў, оларға керекли билим ҳәм көнликпелерди бериў;
39 спорт объектин қурыў, реконструкциялаў, қосымша 83 мың халық ҳәм жаслардың спорт пенен шуғылланыўы ушын шараятлар жаратыў, сол тийкарда жаслар арасында денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў;
в) 7 004 квартиралы 235 заманагөй көп квартиралы турақ жай комплексин қурыў, сондай-ақ, жас шаңарақлар ҳәм кем тәмийинленген халық ушын 2 084 квартиралы 36 арзан турақ жай қурылысын шөлкемлестириў арқалы олардың турақ жай шараятын жақсылаў;
г) инвестицияларды жедел тартыў ҳәм аймақтың экспорт потенциалын раўажландырыў тараўында:
2020-2022-жыллары аймақлық инвестициялық жойбарлар шеңберинде улыўма баҳасы 12,3 триллион сумлық 1 359 жойбарды иске қосыў ҳәм 17,5 мың жаңа жумыс орынларын жаратыў, сондай-ақ, 523 миллион доллар муғдарындағы тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў;
халықаралық финанс институтларының 1 миллиард доллар муғдарындағы қаржыларын әҳмийетли инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўға бағдарлаў;
жыллық экспорт көлемин 347 миллион долларға, экспорт етиўши кәрханалардың санын 250 ге, экспорт географиясын 45 мәмлекетке жеткериў және экспортқа жиберилетуғын өнимлердиң түрин 30 дан арттырыў;
еркин экономикалық зоналарда баҳасы 21,2 миллион долларға тең болған 9 жойбарды, киши санаат зоналарында баҳасы 28 миллион долларға тең болған 81 жойбарды иске қосыў;
д) санаат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жаңа қуўатлықларды шөлкемлестириў, соның ишинде, 9 жаңа санаат өнимин ислеп шығарыўды жолға қойыў, 27 санаат кластерин шөлкемлестириў, санааты төмен дәрежеде раўажланған Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Шоманай районларында кеминде 50 жаңа санаат кәрханасын иске қосыў;
е) аўыл хожалығын раўажландырыў, соның ишинде, шарўашылық, балықшылық, салыгершилик ҳәм гүнжи жетистириў және қайта ислеў кластерлерин шөлкемлестириў тараўында:
12 мың гектар жер майданында пахта жетистириўди бийкар етиў;
пайдаланыўдан шыққан 35 860 гектар жер майданларын өзлестириў;
аўыл хожалығының пайдаланыўына қайта киргизилетуғын 875 гектар жер майданларында ыссыханалар шөлкемлестириў;
музлатқышлы қоймаханалардың қуўатлылығын 40,8 мың тоннаға арттырыў;
аўыл хожалығы техникаларының санын 1,4 мыңға шекем арттырыў;
нәсилли қарамаллардың санын қосымша 30 мың басқа арттырыў;
30 мың гектар жер майданларында гүнжи жетистириў ҳәм өнимди толық экспортқа бағдарлаў;
балық жетистириў көлемин еки есеге арттырыў есабынан балық өнимлерин 2021-жылы 35 мың тоннадан, 2022-жылы 50 мың тонна ға жеткериў;
ж) ҳәр жылы кеминде 900-950 жаңа хызмет көрсетиў объектин шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў арқалы хызмет көрсетиў көлемин кеминде 2,5 есеге арттырыў;
з) сырт ел туристлериниң санын 80 мыңға, туризм хызметлери экспортын 45 миллион долларға жеткериў, сондай-ақ, ишки туристлердиң санын 800 мыңға арттырыў, 210 орынлық жаңа мийманханалар қурыў және тур операторлар ҳәм турагентлер санын 45 ке жеткериў;
и) шараяты аўыр болған 45 мәҳәлле ҳәм аўылды халықтың турмыс шараятын жақсылаў ҳәм аймақларды абаданластырыў есабынан оларды аўыр категориядан шығарыў және мәҳәллениң орны ҳәм ролин күшейтиў, соның ишинде, 12 район орайында «Мәҳәлле орайлары» комплекслерин қурыў ҳәм реконструкциялаў, 157 мәҳәлле ҳәм аўыл ҳәкимшилик комплекслерин қурыў;
к) 19,7 мың пуқараны жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм 6 мың пуқараны кәсип-өнерге үйретиў арқалы «Темир дәптер»ге киргизилген 15,5 мың шаңарақ дәраматаларын арттырыў және олардың аймақтағы жәми шаңарақлардағы үлеси 4 проценттен артпаўын тәмийинлеў;
л) жаслар ушын зәрүр шараятлар жаратыў, соның ишинде, «Жаслар дәптери»не киргизилген 14 мың жасты жумыс пенен тәмийинлеў, 1,6 мың жасты кәсип-өнерге үйретиў, «Пидайы жаслар отрядлары»н шөлкемлестириў арқалы 8 мың жумыссыз ҳаялларды ҳақы төленетуғын жәмийетлик ҳәм мәўсимлик жумысларға тартыў, 3 жас исбилерменлер коворкинг орайын, 7 «Жаслар мийнет гүзары» комплексин қурыў;
м) ҳаяллардың жәмийеттеги ролин күшейтиў оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, ҳаяллар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген 8,4 мың ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў;
н) мийнет базарына жаңадан кирип киятырған пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде мийнет миграциясынан қайтқан 9 мың пуқараны жумыс пенен тәмийинлеў және пуқараларды сырт елге жумыс ислеўге жибериў ушын оларды талап етилетуғын қәнигеликлерге оқытыў.
Усы бәнттиң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:
Бас министрдиң орынбасарлары (А.Ж.Раматов – «а» ҳәм «в» киши бәнтлер, Б.А.Мусаев – «б», «и», «л» ҳәм «м» киши бәнтлер, С.У.Умурзаков – «г» киши бәнт, Ж.А.Қўчқоров – «д», «ж», «к» ҳәм «н» киши бәнтлер, Ш.М.Ғаниев – «е» киши бәнт, А.А.Абдухакимов – «з» киши бәнт бойынша):
усы бәнтте нәзерде тутылған көрсеткишлерге толық ҳәм өз ўақтында ерисилиўин тәмийинелеў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың биринши гезектеги ўазыйпаларын белгилеп берсин және жумысын муўапықластырып барсын;
зәрүр қаржылардың өз ўақтында ажыратылыўы, мәнзилли сарпланыўы ҳәм толық өзлестирилиўин тәмийинлесин;
әмелге асырылған жумыслар бойынша жуўапкерлердиң ҳәр айлық есабатларын тыңлап барсын;
жүкленген ўазыйпалардың толық ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлемеген лаўазымлы шахсларға лаўазымынан азат етиўге шекемги тәсир илажларын қолланыў ҳаққында усынысларды киргизип барсын;
Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң Баслығы М.К.Камалов:
бир ҳәпте мүддетте ҳәр бир қала ҳәм районларда белгиленген тийкарғы бағдарлар бойынша жумысшы топарларын шөлкемлестирсин;
усы бәнтте нәзерде тутылған көрсеткишлерге ерисиў процесинде жүзеге келетуғын ағымдағы машқалаларды орнында жедел шешиў илажларын көрип, республика дәрежесинде шешилетуғын мәселелер бойынша анық усынысларды киргизип барсын.
- 2. Төмендегилерди нәзерде тутыўшы 2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) мақуллансын:
1-қосымшаға муўапық Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларының өсиў ноқатлары («драйвер» тараўлары);
2-қосымшаға муўапық 2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси аўыр болған қала ҳәм районларын раўажландырыў бойынша мақсетли көрсеткишлер;
3-қосымшаға муўапық 2020-2022-жыллары Қарақалпақстан Республикасында жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша мақсетли көрсеткишлер;
4- ҳәм 4 а-қосымшаларға муўапық 2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасын қаржыландырыўдың жыйнақланған көрсеткишлери;
5- ҳәм 5а-қосымшаларға муўапық 2020-2022-жыллары Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың жыйнақланған кестеси ҳәм мәнзилли дизими;
6- ҳәм 6а-қосымшаларға муўапық Қарақалпақстан Республикасында халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик қаржы шөлкемлериниң қатнасыўында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар және әмелге асырылатуғын перспективалы инвестициялық жойбарлардың дизимлери;
7- 7е-қосымшаларға муўапық 2021-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасында жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылтауғын жойбарлар (объектлер)дың жыйнақланған көрсеткишлери ҳәм мәнзилли дизимлер;
8- 8е-қосымшаларға муўапық 202й-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасында социаллық тараў объектлерин қурыў, реконструкциялаў. капитал оңлаў ҳәм олардың материаллық-техникалық базасын жақсылаў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарлар (объектлер)дың жыйнақланған көрсеткишлери ҳәм мәнзилли дизимлери;
9- 9а, 10- 10а ҳәм 11- 11а-қосымшаларға муўапық Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық жақтан раўажланыў дәрежеси төмен болған Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Шоманай районларын раўажландырыўды қаржыландырыў дәреклериниң жыйнақланған көрсеткишлери ҳәм илажлар бағдарламалары;
12-қосымшаға муўапық Қарақалпақстан Республикасында шараяты аўыр 45 мәҳәлле ҳәм аўылда халықтың турмыс шараятын жақсылаў, аймақларды абаданластырыў бойынша илажлар режеси;
13-қосымшаға муўапық Қарақалпақстан Республикасында пахта-тоқымашалық, мийўе-овощ ҳәм гүнжи кластерлерин шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасы.
- 3. а) усы қарардың 1-қосымшасына муўапық Қарақалпақстан Республикасы районларының өзине тән «өсиў ноқаты» деп белгиленген экономикалық жумыс бағдарлары бойынша жаңадан шөлкемлестирилген исбилерменлик субъектлери 2024-жыл 1-январьға шекем жер салығы, мүлк салығы, киши кәрханалар айланысынан алынатуғын салық, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң қатаң муғдардағы дәрамат салығын төлеўден азат етилетуғыны;
б) социаллық-экономикалық жақтан раўажланыў дәрежеси төмен болған Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Шоманай районларында жаңадан шөлкемлестирилетуғын санаат бағдарындағы исбилерменлик субъектлери 2024-жыл 1-январьға шекем:
жер салығы, мүлк салығы, киши кәрханалар айланысынан алынатуғын салық, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң қатаң муғдардағы дәрамат салығын төлеўден азат етилетуғыны;
пайда салығы, суў салығы төлемин әмелдеги белгиленген салық ставкаларының 50 проценти муғдарында әмелге асыратуғыны;
Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын, белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша алып кирилетуғын ҳәм тек ғана өзиниң өндирислик талаплары ушын пайдаланылатуғын әсбап-үскене, комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклер ушын бажыхана бажысын төлеўден азат етилетуғыны;
в) Қарақалпақстан Республикасында шараяты аўыр 45 мәҳәлле ҳәм аўылда жаңадан шөлкемлестирилетуғын хызмет көрсетиў бағдарындағы исбилерменлик субъектлерине 2026-жыл 1-январьға шекем:
пайда салығы, жер салығы, мүлк салығы, киши кәрханалар айланысынан алынатуғын салық, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң қатаң муғдардағы дәрамат салығын төлеўден азат етиў жеңиллигиниң қолланылатуғыны;
бизнес жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде миллий валютада алынатуғын банк кредитлери процент ставкасының бир бөлегин қаплаў ушын Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 50 проценти муғдарында Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў қорының есабынан компенсация берилетуғыны;
г) Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларында бос турған мәмлекетке тийисли объект-имаратлар ҳәм ири болмаған мәмлекетлик активлерди исбилерменлик субъектлерине әпиўайыластырылған тәртипте бериў тәртибиниң енгизилетуғыны. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине Экпорт ҳәм инвестицияларды раўажландырыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссияның баслығы менен келискен ҳалда олардың қарары тийкарында:
мәмлекетлик кәрханалар ҳәм хожалығы жәмийетлериниң устав капиталындағы мәмлекетлик үлеслерин және мәмлекетке тийисли көшпес мүлк объектлерин, соның ишинде, бос турған ҳәм нәтийжесиз пайдаланылып атырған аўыл хожалығы мақсетлерине мөлшерленбеген жер майданларын (Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарларына муўапық айрықша тәртип тийкарында сатылатуғын мәмлекетлик активлер буған кирмейди) сатыў, оның шәртлери, саўда түри ҳәм баҳасын белгилейтуғыны;
бос турған объект-имаратлар ҳәм нәтийжесиз пайдаланылып атырған артықша жер майданларын баланста сақлаўшы министрликлер ҳәм уйымлардың келисимине қарамастан резервке қайтарып алыў ҳәм сатыў бойынша қарар қабыл ететуғыны;
мәмлекет қатнасыўындағы хожалық жәмийетлерин қайта шөлкемлестириў, сапластырыў, устав капиталындағы мәмлекетлик үлести басқа хожалық жәмийетлериниң устав капиталына өткериў ўәкилликлери берилетуғыны;
д) Қарақалпақстан Республикасы бойынша мәмлекетлик активлерди сатыўда:
мәмлекетлик активтиң баҳасы базалық есаплаў муғдарының 50 мың есесинен жоқары болған жағдайда, дүзилетуғын алды-сатты шәртнамаларына муўапық төлемлерди 5 жылға шекемги мүддетте бөлип-бөлип төлеў тәртиби енгизилетуғыны;
алды-сатты шәртнамасы дүзилген күннен баслап бир ай ишинде сатып алыў төлемлери толық әмелге асырылған жағдайда, сатып алыў төлемлери суммасының 20 процентине тең муғдарда шегирме берилетуғыны;
е) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қарарлары тийкарында сатылатуғын мәмлекетлик мүлк объектлерин сатыўдан түсетуғын қаржылар Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджетине қаратылатуғыны. Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм Саўда-санаат палатасының қарамағында қалдырылатуғын қаржылар буған кирмейтуғыны;
ж) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине бос турған ямаса нәтийжесиз пайдаланылып атырған, улыўма ийелеген майданы 3 мың квадрат метрге шекемги мәмлекетке тийисли объект-имаратларды ғалабалық саўдалар арқалы сатыў ҳаққында қарар қабыл етиў ҳуқықы берилетуғыны белгиленсин.
- 4. Сондай тәртип енгизилсин, оған бола, бурынғысынан басқаша тәризде, Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы аймағында бизнес жойбарларды әмелге асырыў ушын 2022-жыл 1-январьға шекем алынатуғын банк кредитлери бойынша гиреў тәмийнаты сыпатында тийисли ўәлаят ҳәкимликлери кепилликлер бериўи мүмкин. Онда:
бизнес-жойбарлар усы қарарға муўапық социаллық-экономикалық жақтан раўажланыў дәрежеси төмен болған Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Шоманай районларында, шараяты аўыр 45 мәҳәлле ҳәм аўыл аймақларында, сондай-ақ, «өсиў ноқаты» деп белгиленген экономикалық жумыс бағдарлары бойынша тийисли районларда жайластырылады;
кепилликлер банк кредит суммасының 50 процентке шекемги бөлегине, бирақ 5 миллиард сумнан артық болмаған муғдарда бериледи;
кепилликлер салықлар және алдынғы дүзилген кредит шәртнамалары бойынша мүддети өткерип жиберилген қарыздарлығы бар болған исбилерменлик субъектлерине берилиўи мүмкин емес.
- 5. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев) Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Х.Шерматов) менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-ноябрьдеги «Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим тараўларын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6108-санлы Пәрманына муўапық:
Финляндияның билимлендириў тараўындағы унамлы тәжирийбесин, соның ишинде, оқыў бағдарламалары, сабақлықлары ҳәм оқытыў методикаларын Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма билим бериў мәкемелериниң билимлендириў процесине енгизиў;
улыўма орта билим бериўдиң сапасын арттырыў, системадағы мәкемелердиң көрсеткишлерин жоқары дәрежеге алып шығыў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде жеке меншик сектор ўәкиллерин кеңнен тартыў;
математика, химия ҳәм биология пәнлерин тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеплерди шөлкемлестириў, оларды зәрүр оқыў ҳәм лаборатория үскенелери, компьютер техникасы, программалық өнимлер, методикалық әдебиятлар, инвентарьлар ҳәм материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлеў;
аймақлық жоқары билимлендириў мәкемелери және мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерин тартқан ҳалда халық билимлендириў хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, усы тараўға заманагөй билимлендириў технологияларын енгизиў;
мектеп оқыўшылары арасында кәсипке бағдарлаў жумысларын алып барыў, оқыўшылардың мектеп пәнлери бойынша әмелий сабақларын потециаллы өндирис ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларында өткериў, жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кире алмаған мектеп питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеў;
район (қала) кесиминде дүзилген рейтингте жоқары орынларды ийелеген улыўма билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлери ҳәм педагогларын жергиликли бюджет қаржылары есабынан хошаметлеў илажларын көрсин.
- 6. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев) менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте салық кодексине ҳәм басқа да нызамларға Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлик субъектлерине жеңилликлер бериўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда:
халыққа өз хожалықларында интенсив усылда балық жетистириў ушын зәрүр болған әсбап-үскене, материал ҳәм товарлар жеткерип бериўши балықшылық кластерлери ҳәм басқа да исбилерменлик субъектлерине;
суў шығарыў ушын қудық бурғаўлаў ҳәм иске қосыў хызметлерин көрсетиўши исбилерменлик субъектлерине, соның ишинде, олар тәрепинен алып кирилетуғын бурғаўлаў үскенелери ҳәм арнаўлы транспорт қуралларына;
Қарақалпақстан Республикасының өзине тән өзгешелигинен келип шығып, ең әҳмийетли экономикалық жумыс бағдарларында исбилерменлик субъектлерине салық жеңилликлерин бериў нәзерде тутылсын.
- 7. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.И.Норқулов) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев), мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-2023-жыллары Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасын қәлиплестириўде усы қарардың 7-7е ҳәм 8-8е-қосымшаларында көрсетилген жойбарларды (объектлерди) нәзерде тутсын.
- 8. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мойнақ районында айрықша статусқа ийе туристлик-кеўилашар зона шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (С.У.Умурзаков) Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (А.А.Абудхакимов), Бас прокуратура (Н.Т.Йўлдошев) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев) менен биргеликте 2020-жыл 1-декабрьге шекем усы бәнтте нәзерде тутылған туристлик-кеўилашар зонаны шөлкемлестириў бойынша «Жол картасы»н ислеп шығып, әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- 9. Қурылыс министрлиги (Б.И.Закиров) Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Р.Т.Маматов), Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.И.Норқулов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев) менен биргеликте еки ай мүддетте шараяты аўыр 45 мәҳәлле ҳәм аўыллар аймақларының бас реже-схемаларының ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- 10. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (С.У.Умурзаков), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.И.Норқулов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Саривев) 14-қосымшаға муўапық белгиленген аймақлардың шегаралары шеңберинде «Қарақалпақ-агро» еркин экономикалық зонасын шөлкемлестириў илажларын көрсин. Онда:
еки ай мүддетте «Қарақалпақ-агро» еркин экономикалық зонасының жумысын шөлкемлестириў илажларын нәзерде тутыўшы Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
«Қарақалпақ-агро» еркин экономикалық зонасының жумысын басқарыў ўазыйпасы «Нөкис» еркин экономикалық зонасының дирекциясы» мәмлекетлик унитар кәрханасына жүкленсин.
- 11. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (С.У.Умурзаков), Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), 2021-жыл 8 шерегиниң жуўмағына шекем Қарақалпақстан Республикасында ыссыханалар шөлкемлестириў және шарўашылықты раўажландырыў ушын халықаралық финанс институтларының 120 миллион доллар муғдарындағы жеңиллетилген кредит линияларын тартыў илажларын көрсин.
- 12. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (С.У.Умурзаков), Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (С.Х.Бекенов) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң (Қ.Р.Сариев) сапластырылып атырған «Қарақалпақпахтасанаат» ҲАБтың Нөкис қаласы, Т.Қайыпбергенов көшеси, 39-жай мәнзилинде жайласқан имаратының 1-қабаты, 2-қабатының 300 кв.м бөлеги, мийманхана, гараж ҳәм қоймахана имаратларын тийисли аймағы менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине оператив басқарыў ҳуқықы менен бериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Онда, объект баҳаланған базар баҳасында «Өзпахтасанаат» АЖ системасындағы кәрханалардың өз-ара қарыздарлықларын азайтыў тийкарында «Өзпахтасанаат» АЖның қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет алдындағы қарыздарлығын азайтыў есабынан бериледи.
- 13. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев):
а) Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги (М.И.Қурбанов) ҳәм район (қала)лық медицина бирлеспелери менен биргеликте:
бир ай мүддетте басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелердеги шыпакерлерге болған талапларды ҳәм талабанларды ҳәр бир мәҳәлле кесиминде анықласын;
еки ай мүддетте халықты хатлаўдан өткерип, оларды басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелерге бириктирсин. Онда, алыс ҳәм шетки аймақлардағы шыпакерлерге болған талаптан келип шығып бос шыпакер жумыс орынларының дизимин дүзсин ҳәм турақлы жаңалап барсын;
шөлкемлестирилип атырған «медицина бригадаларын» арнаўлы компьютер-планшетлер ҳәм мобиль медициналық-диагностика қураллары менен тәмийинлесин;
б) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев), Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети (Н.Н.Обломурадов), Қарақалпақстан медицина институты (О.А.Атаниязова) менен биргеликте үш ай мүддетте усы институт жанында саламатлық, қоршаған орталық ҳәм экология мәселелери бойынша илимий-изертлеў билимлендириў орайын шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- 14. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 15-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.
- 15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 16-қосымшаға муўапық өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
- 16. Бағдарламаның әмелге асырылыўы үстинен қадағалаў Экспорт ҳәм инвестицияларды раўажландырыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясына (С.У.Умурзаков) жүкленсин.
Экспорт ҳәм инвестицияларды раўажландырыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы (С.У.Умурзаков):
Бағдарлама шеңберинде әмелге асырылып атырған инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлесин;
Бағдарламаға киргизилген жойбарлардың орынланыўын ҳәр айда бир мәрте Қарақалпақстан Республикасында ҳәр шеректе бир мәрте республика дәрежесинде додалап барсын ҳәм машқалалы мәселелерди шешиў бойынша зәрүр және оператив илажларды әмелге асырсын;
Бағдарламаға киргизилген жойбарлардың әмелге асырылыўын системалы мониторинг етип, олардың әмелге асырылыўына тосқынлық ететуғын мәселелерди шешиў бойынша оператив ҳәм әмелий илажлар көрсин.
- 17. Олий Мажлис Сенатына (Т.К.Нарбаева, Б.Б.Алиханов):
жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары менен биргеликте Бағдарлама шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин тәмийинлеў, пайда болып атырған машқалаларды орнында шешиў ҳәм халықтың турмыс шараятларын жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларына ҳәр айда шығыў системасын жаратыў;
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси (М.К.Камалов) менен биргеликте Олий Мажлис Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитетине өз жумысын тиккелей Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестириў және тараўға байланыслы машқалаларды қала ҳәм районлардың өзине тән өзгешелигинен келип шыққан ҳалда орнында шешип барыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў тапсырылсын.
- 18. Төмендегилер:
Бас министрдиң орынбасары С.У.Умурзаков – усы қарардың орынланыўы өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў, белгиленген илажларды әмелге асырыўға жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў, анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў және Қарақалпақстан Республикасында инвестициялық орталықты жақсылаўға;
Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров – усы қарарда нәзерде тутылған. соның ишинде, «Қарақалпақ-агро» ҳәм «Нөкис» еркин экономикалық зоналарының жол-транспорт, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын және басқа да социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў жойбарларының сапалы әмелге асырылыўын, зәрүр қаржылардың өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлеўге;
Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев – Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, пайдаланыўдан шығып кеткен жерлерди өзлестириў, шарўашылық ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў тараўын раўажландырыў, «Қарақалпақ- агро» еркин экономикалық зонасында әмелге асырылатуғын аўыл хожалығы тараўындағы жойбарлардың нәтийжелилигин тәмийинлеўге;
Қарақалпақстан Республикасы Минситрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Р.Сариев – Қарақалпақстан Республикасына сырт ел инвесторларын кеңнен тартыў, инвестицияларды нәтийжели өзлестириў, аймақтың экспорт потенциалын арттырыў, санаат кәрханаларының толық қуўатлылықта ислеўине көмеклесиў, инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарлардың өз ўақтында иске қосылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, орынларда исбилерменлик субъектлериниң машқалалы мәселелерин оператив шешип барыўға;
мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Р.Т.Маматов – шараяты аўыр болған мәҳәлле ҳәм аўылларда халықтың турмыс шараятын жақсылаў ҳәм аймақларды абаданластырыў есабынан оларды аўыр категориядан шығарыў, «Мәҳәлле орайлары» ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының комплекслерин қурыў ҳәм реконструкциялаў арқалы мәҳәллениң орны ҳәм ролин күшейтиўге;
тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары – Бағдарлама орынланыўының нәтийжелилигин және усы қарарда нәзерде тутылған мақсетли көрсеткишлерге толық ерисилиўин тәмийинлеўге жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
- 19. Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республиксының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 11-ноябрь