Европа Футбол Ассоциациялары Аўқамы – УЕФА қәнигеси Роджер Мейхри Өзбекстан Футбол Ассоциациясының жуўапкер хызметкерлери менен биргеликте Қарақалпақстанға келди.

Қарақалпақстан Футбол Ассоциациясы рәсмий каналының хабар бериўинше, УЕФА қәнигеси Төрткүл, Беруний, Хожели, Тақыятас, Нөкис районлары ҳәм Нөкис қаласында болып, Қарақалпақстанда футболды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды үйренип шықты.

 

Хызмет сапары даўамында европалы қәниге Қарақалпақстан Футбол Ассоциациясының ҳәр бир бағдары бойынша алып барылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме үйренип, өз мәсләҳәтлерин берди.

Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясында тренерлер ҳәм балаларға мастер-класс өткерди. Соның менен бирге, тренерлердиң тәжирийбесин көзден өткерип, қосымша заманагөй футбол сырлары бойынша түсиниклер берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.