Президентимиздиң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Нөкис қаласының «өсиў ноқаты» сыпатында 2 бағдар:

 

  1. Қурылыс материаллары;
  2. Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў тараўлары белгилеп алынды. Бул ҳаққында «Nukus24news» каналы хабар берди.

 

Усы тараўда жаңадан ашылып атырған кәрханалар 2024-жыл 1-январьға шекем:

 

– жер салығы;

– мүлк салығы;

– киши кәрханалар пайдасынан алынатуғын салық;

– жеке тәртиптеги исбилерменлердиң белгили муғдардағы дәрамат салығын төлеўден азат етиледи.

 

2020-2022-жылларда улыўма баҳасы 882,6 млрд. сумлық 1 639 жаңа жумыс орынларын жаратыўшы 181 жойбарды әмелге асырыў жобаластырылған.

 

Соның менен бирге, Қаракалпақстан Республикасы бойынша халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳам аймақларды абаданластырыў бойынша илажлар бағдарламасы ислеп шығылды.

 

Усы ислеп шығылған бағдарламаға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 45 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары, соннан, Нөкис каласы бойынша 6 мәкан пуқаралар жыйынында:

 

– «Жаңа базар»

– «Қос-көл»

– «Тунғыш қоныс»

– «Телеорай»

– «Қызыл қум»

– «Боз аўыл» МПЖ аймақларында жаңадан шөлкемлестирилип атырған хызмет көрсетиў тараўындағы исбилерменлик субъектлери 2026-жыл 1-январьға шекем:

 

– пайда салығы;

– жер салығы;

– мүлк салығы;

– киши кәрханалар айланбасынан алынатуғын салық;

– жеке тәртиптеги исбилерменниң белгили муғдардағы дәрамат салығынан азат етилиўи көрсетилген.

 

Сондай-ақ, миллий валютада алынатуғын кредитлериниң Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары бөлегин қаплаў ушын исбилерменликти қоллап-қуўатлаў фонды есабынан компенсация бериледи.

 

Нөкис қаласы аймағында халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳәм аймақларды абаданластырыў бойынша 6 МПЖ аймақларында:

 

– инженерлик-коммуникациялық тармақларды жақсылаў;

– ҳәкимшилик имаратларды реконструкциялаў;

– турақ жайларды оңлаў;

– көп қабатлы турақ жайлардың алдындағы тратуарларын оңлаў;

– түнги жақтыландырыўды толық тәмийинлеў;

– турақ жайлардың төбелери ҳәм фасадларын қурыў;

– балалар майданшаларын қурыў,

– жаңадан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин қурыў;

– халықтың бәнтлигин тәмийинлеў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.