Нөкис районында спорттың жеңил атлетика түри бойынша жас өспиримлер, жаслар ҳәм ересеклер арасында район ашық турнири өткерилди.
Оған 18 жасқа шекемги жас өспиримлер, 18-25 жастағы жаслар ҳәм оннан үлкен жастағы район аймағындағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларынан спортшылар, ҳәўескерлер қатнаспақта.
Жарыс қатнасыўшылары 1000 метр аралыққа жуўырыў, теннис тобын узақ аралыққа ылақтырыў ҳәм эстафета бағдарларында қатнаспақта.
Бул илаж Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң мәмлекетлик грантлар таңлаўында «Денетәрбия ҳәм спортты кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў» атамасындағы жойбары менен жеңимпаз болған Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы «Арал» спорт клубы тәрепинен өткерилмекте.
Бундай жарыслар 6-ноябрь күни Шоманай районында, 9-ноябрь күни Бозатаў районында, 10-ноябрь күни Тахтакөпир районларында өткерилди.
Қызғын тәризде даўам еткен жарыс жуўмағында ҳәр бир жас категориясы бойынша жеңимпазлар анықланып, «Арал» спорт клубы тәрепинен дипломлар ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги