USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН КӘСИПЛИК АЎҚАМЛАРЫ ФЕДЕРАЦИЯСЫНЫҢ СЕГИЗИНШИ  ҚУРЫЛТАЙЫ ҚАТНАСЫЎШЫЛАРЫНА

Ҳүрметли дослар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди мәмлекетимиз турмысындағы әҳмийетли ўақыя – Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының сегизинши қурылтайының ашылыўы менен шын жүрегимнен қутлықлап, ҳәммеңизге шексиз ҳүрметимди ҳәм жақсы тилеклеримди бидиремен.

Сизлерге жақсы белгили, дүньядағы ҳәр бир мәмлекеттиң миллий раўажланыўында бәринен бурын инсан мийнети ҳәм потенциалы шексиз әҳмийетке ийе.

Соның ушын да республикамызда мийнет қатнасықларын түп-тийкарынан  реформалаў, пуқараларымыздың мийнет тараўындағы конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыў, бәнтлик мәселесин шешиў, кәмбағаллықты қысқартыўға үлкен итибар берилмекте.

Әне усындай қатнас жасаў тийкарында кейинги төрт жылда бул бағдардағы миллий нызамшылығымызды жетилистириў, халықтың нызамлы дәрамат табыўы, исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын қолайлы имканиятлар жаратыў, мәжбүрий мийнетти сапластырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Усы бағдарда биз ерискен нәтийжелер жәҳән жәмийетшилиги, соның ишинде, БМШ, Халықаралық мийнет шөлкеми, ЮНИСЕФ сыяқлы абырайлы халықаралық структуралар тәрепинен тән алынбақта.

Олардың барлығында мийнеткешлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўдай уллы мақсет жолында 14 тармақ ҳәм 14 аймақлық бөлимшени, 5,5 миллионнан  аслам ағзаларды бирлестирген, жәмийетимиздиң турмысында айрықша орын тутатуғын Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының мүнәсип үлеси бар екенлигин елимиз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.

Ҳақыйқатында да, сизлердиң тиккелей қатнасыўыңызда  мийнет қатнасықларын жетилистириў, социаллық жәрдем ҳәм әдиллик принциплерин беккемлеў, пуқаралардың белсендилигин арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Әсиресе, коронавирус пандемиясы ҳәм глобал экономикалық кризис шараятында халық ҳәм экономиканы қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажларымызды әмелге асырыўда мәмлекетимиздеги ең ири пуқаралық институты болған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары шын мәнисинде пидайылық көрсетпекте.

Бул системаның раўажланыўында соңғы жылларда бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, атап айтқанда, «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилгени, Халықаралық мийнет шөлкеми, Халықаралық кәсиплик аўқамлары конфедерациясы ҳәм басқа да халықаралық структуралар менен тығыз байланысларды жолға қойғанымыз, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы халықтың мийнет ҳуқықлары ҳәм социаллық қорғалыўын тәмийинлеўде Ҳүкиметтиң тең ҳуқықлы шеригине айланып баратырғанлығы үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Әне, усы тийкарда халық пенен нәтийжели қарым-қатнас алып барыўда кәсиплик аўқамлары ең халықшыл ҳәм демократиялық структура сыпатында өзин айқын көрсетип, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша улыўма миллий ҳәрекетимизде белсене қатнаспақта.

Уллы Әмир Темур бабамыздың «Миллеттиң дәрдлерине дәрмен  болыў – ўазыйпаңыз болып есапланады»,  деген шақырығына әмел етип киятырған шөлкемниң  белсендилери соңғы жылларда мәмлекетимиздеги 2 миллион 160 мың  шаңарақтың турмыс шараяты менен  терең танысып,  650 мың машқаланы анықлағанлығы ҳәм олардың 556 мыңы өз шешимин тапқанлығы, кәсиплик аўқамларының қатнасыўында 7 мың турақ жай толық оңланғанлығы итибарға ылыйық болып есапланады.

Сондай-ақ, 1400 шаңарақ  жаңа турақ жайлар, 28 мың шаңарақ турмыслық техникалар менен тәмийинленгенлиги, мүтәж шаңарақларда жасайтуғын 2400 наўқасқа бийпул медициналық жәрдем көрсетилгенлиги, айрықша, әҳмийетке ийе болып есапланады.

Кәсиплик аўқамлары федерациясы шөлкемлестирген қайыр-сақаўат акциясы шеңберинде материаллық жағдайы төмен болған 642 мыңнан аслам адам жумысқа жайластырылғанлығы, дерлик төрт мың тойлар өткерип берилгенлиги де әне усындай жақсы ҳәм қайырлы жумыслардың қатарына киреди.

Буннан тысқары, Федерация тәрепинен жумысшы-хызметкерлердиң 35 мыңнан аслам мүрәжат ҳәм арзалары көрип шығылып, 13 мың  500ге шамалас пуқараның нызамлы ҳуқықлары тикленди, арза бериўшилердиң пайдасына  13 миллиард сумлық қаржы өндирип берилди.

Пандемияның биринши күнлеринен баслап күни-түни жумыс ислеп киятырған Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының «исеним телефоны»на келип түскен  50 мыңнан аслам мүрәжаттың көбиси унамлы шешилгенлиги де бул системада пуқаралардың машқалалары менен ислесиў бойынша потенциаллар ҳәм имканиятлардың үлкен екенлигин көрсетеди .

Бухара ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында жүз берген тәбийғый ҳәм техноген апатшылықтың ақыбетлерин сапластырыўда Кәсиплик аўқамларының белсендилери халыққа бириншилер қатарында ийинлес болғанлығын атап өтиў зәрүр.

Мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеў барған сайын тийкарғы әҳмийетке ийе болып атырған ҳәзирги ўақытта кәсиплик аўқамлары ҳүрметли ҳаялларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы орнын  күшейтиўде өрнек ҳәм үлги болмақта.

Сондай-ақ, шаңарақ, аналық ҳәм балалықты қорғаў, жас әўладты миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў мәселелери де бул система  ўәкиллериниң турақлы итибарында болып келмекте.

Сизлердиң басламаңыз бенен ишки ҳәм сыртқы туризм және медициналық туризмди раўажландырыў бойынша да бир қатар жумыслар исленбекте.  Түрли шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, кексе әўлад ўәкиллери, мүтәж шаңарақларда жасайтуғын ҳаяллар ҳәм балалар, сондай-ақ, «Меҳрибанлық» үйлериниң тәрбияланыўшылары, улыўма  800 мың адам түрли бағдарлар бойынша саяхатқа алып барылғанлығын айрықша атап өтиў орынлы болып есапланады.

Әлбетте, өзиниң ийгиликли идеялары, әмелий жумыслары менен жәмийетимиздиң  турмысына оғада жақын болған бул халықшыл структураның итибар ҳәм ғамхорлығын бүгин елимизде ҳәр  бир жәмәәт, ҳәр бир мийнеткеш сезип жасамақта. Бул – кәсиплик аўқамлары жумысының ең әҳмийетли нәтийжеси, десек, әйне ҳақыйқат болады.

Пурсаттан пайдаланып, руспубликамызда тынышлық, мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат, өз-ара жәрдем ҳәм бирлик орталығын беккемлеўге қосып атырған үлкен үлесиңиз, пидайы мийнетиңиз ушын сизлерге өз атымнан, пүткил халқымыз  атынан терең миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Жанажан Өзбекстанымыз жаңа Ояныў ҳәм раўажланыў дәўирине қәдем қойған, әне усы жоқары мақсет жолында уллы жумыслар әмелге асырылып атырған ҳәзирги күнде  халқымызды буннан былай да үлкен шеклерге қарай бағдарлаў да кәсиплик аўқамларының роли ҳәм тәсири барған сайын артып бармақта.

Усы қурылтай кәсиплик аўқамларының жумысын терең сын көзқараста таллап, алда турған ўазыйпаларды анық белгилеп алыў, жумыстың нәтийжесин буннан былай да арттырыў бойынша жаңа усыныслар ҳәм басламаларды алға қойыў ушын әҳмийетли  қарым-қатнас майданы болып хызмет ететуғынына исенимим кәмил.

Бул әнжуман өз қатарларында миллионлаған адамларды бирлестирген кәсиплик аўқамлары  тарийхында жаңа дәўирди баслап береди, деп  үмит билдиремен.

Усы мүнәсибет пенен қурылтай қатнасыўшыларына бир усыныс пенен мүрәжат етпекшимен: Өзбекстан кәсиплик аўқамларының мәмлекетимиздиң социаллық турмысындағы үлкен орнын ҳәм әҳмийетин итибарға алып, республикамызда 11-ноябрь  сәнесин Кәсиплик аўқамлары  күни деп белгилеў мақсетке муўапық болар еди.

Соның менен бирге, усы тараў ушын заманагөй билим ҳәм тәжирийбеге ийе болған, социаллық қатнасықлардың теориясы ҳәм әмелиятын, бул бағдардағы халықаралық  тәжирийбени  пуқта билетуғын жетик кадрларды таярлаў мақсетинде Кәсиплик аўқамлары академиясын  шөлкемлестириў мәселесин де көрип шығыўды усыныс етемен.

Ҳүрметли қурылтай қатнасыўшылары!

Халқымызда «Адам қәдирин мийнет арттырар»,  деген терең мәнили мақал бар.

Ҳақыйқатында  да, ҳадал мийнет адамды улығлайды, оның шаңарақ ҳәм жәмийетте, мәмлекет арасында мүнәсип абырай-мәртебеге ийе болыўына хызмет етеди.

Өзиниң өмирин мақтанышлы ўазыйпаға – мийнет ҳәм мийнет ийелериниң ҳуқықлары қорғалыўына бағышлаған ўатанласларымыз ҳәр қандай жоқары ҳүрметке мүнәсип болып есапланатуғынына исенимим кәмил.

Сизлердиң тымсалыңызда  биз әне усындай жанкүйер ҳәм пидайы инсанларды көремиз, мийнеткешлердиң ҳуқықлары менен мәплерин буннан былай да исенимли тәмийинлеўде сизлерди мәмлекетлик уйымлардың жақын шериги ҳәм жәрдемшиси деп, билемиз.

Ҳәммеңизди бүгинги әнжуман менен және бир мәрте қутлықлап, жуўапкершиликли ҳәм көп қырлы жумысыңызда денсаўлық, әўмет ҳәм жетискенликлер, қурылтайдың жумысына болса табыслар тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти