Усы жылдың 7-11-ноябрь күнлери Сербия мәмлекетиниң Нови-Сад қаласында спорттың самбо түринен жәҳән чемпионаты болып өтти.

 

Оған дүньяның 40 шамалас мәмлекетлеринен 400 ден аслам, соның ишинде, Өзбекстан Республикасынан 24 самбошы қатнасты.

 

Елликқала районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, райондағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң шуғылланыўшылары болған Шаҳзода Азатова ҳәм Севинчай Иброҳимбаева Өзбекстан сайланды командасының қурамында қатнасты.

 

Жарыс жуўмақларына муўапық, Шаҳзода Азатова 56 кг салмақ категориясында бронза, Севинчай Иброҳимбаева 48 кг салмақ категориясы бойынша бронза медальларын жеңип алды.

Өзбекстан сайланды командасы улыўма 26 медаль менен улыўма командалық есапта 3-орынды ийеледи. Бунда әлбетте, қарақалпақстанлы спортшылардың үлеслери болды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.