Украина президенти Владимир Зеленскийдиң коронавирусқа тапсырған тест нәтийжеси унамлы шықты. Бул ҳаққында украиналы жетекшиниң өзи «Facebook»та мәлим етти.

«Дене температурам – 37,5. Ҳәммеге 36,6 дәрежени тилеймен! Өзимди жақсы сезип атырман»,-деди ол.

Мәмлекет басшысы изоляциядан турып өз ўазыйпасын орынлайтуғынын атап өткен.

«Көпшилик COVID-19ды жеңди. Мен де еплеймен»,-деп жазған Зеленский.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги