Шотландия халқына 16 жасқа толмаған балаларды тәрбиялаў мақсетинде физикалық жазалаў қадаған етилди. Мәмлекет парламенти тәрепинен мақулланған жаңа нызам 7-ноябрь, шемби күнинен күшке кирди, деп жазбақта «Express and Star».

Бурынырақ, ата-аналар ҳәм жуўапкерлерге балаларды шапалақ пенен урыўға руқсат берилген еди.

Балаларды физикалық жазалаў биринши мәрте шведлер тәрепинен  1979-жылы қадаған етилген. Шотландия болса усы нызамды қабыл еткен 57-мәмлекетке айланған.

Атап өтилиўинше, балаларды  физикалық жазалаўды рәсмий қадаған етиў келеси жылдың басында Уэльста да тастыйықланады. Англия және Арқа Ирландия болса еле бундай нызам жойбарын көрип шығыўды режелестирмей атыр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги