Антиденешелердиң ең жоқары дәрежесине коронавирусқа шалынғаннан кейин емленген инсанлар ғана ерисе алады.
Бул ҳаққында иммунолог-аллерголог Владимир Болибок айтып өтти.
Қәнигениң айтыўынша, антиденешелер аўырыўдан тәўир болғаннан кейин жүзеге келиўи, бирақ ҳәр бир адамда бундай қорғаныў дәрежеси ҳәр қыйлы болыўы мүмкин.
«Соның ушын ҳәттеки ең жоқары көрсеткиш те жалған қәўипсизлик сезимин бермеўи керек», дейди иммунолог.
Шыпакерлиң атап өтиўинше, кеселликтен соң оған қарсы антиденешелер пайда болыўына қарамастан емлениў керек. Сонда ғана ең жақсы қорғаныўға ийе болыў мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги