2020-жылдың 5-6-ноябрь күнлери Қырғызстан Республикасы Сыртқы ислер министри Руслан Қазақбаев басшылығындағы делегация әмелий сапар менен Өзбекстанда болады. Бул ҳаққында СИМ хабар берди.

Сапар шеңберинде Ҳүкимет, сыртқы ислер, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрликлеринде және басқа уйымларда ушырасыўлар өткерилиўи нәзерде тутылған.

Болажақ сөйлесиўлер ўақтында сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўларда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы және раўажланыў перспективаларын додалаў режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги