Нигерияның қубласында жайласқан Дельта штатында белгисиз кеселлик кеминде 15 адамның өмирин алып кетти, деп хабар береди xs.uz.
«Vanguard» баспасөз хабарына бола, қайтыс болғанлар 18-25 жас әтирапында. Штат ҳәкимияты кеселлик тарқалыўын азайтыў ушын барлық имканиятларды иске қосып атырғанлығын мәлим етти. Штат губернаторы денсаўлықты сақлаў системасына өлим жағдайларын тексериўди тапсырған.
Африкалы эпидемиологлардың дәслепки болжаўына бола оған гемморагиялық безгек себеп болған. Денге, Эбола, Ласса сыяқлы безгеклер бул топарға киреди. Үйрениўлер даўам етпекте.
1-ноябрь күни илимпазлар тәрепинен VEXAS атамасындағы жаңа қәўипли кеселлик анықланғанлығы ҳаққында хабар берилди.
Қәнигелердиң мағлыўматларына бола, генетикалық мутациялардың нәтийжесинде келип шығатуғын патология адам организминде тромб келтирип шығарады. Кеселлик 40 процент жағдайда өлим менен жуўмақланады. Ол бурын бир-бири менен байланыспаған бир неше аязлаў синдромларын бирлестиреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги