Усы 24-25-октябрь күнлери Нөкис қаласында Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы «Арал» спорт клубы тәрепинен «Денетәрбия ҳәм спортты кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў» атамасындағы грант жойбары тийкарында жас өспиримлер, жаслар ҳәм ересеклер арасында спорттың бадминтон түри бойынша Нөкис қаласы ашық турнири шөлкемлестирилди.

11-14, 15-17 жас аралығындағы жас өспиримлер, 18-25 жастағы жаслар ҳәм оннан үлкен жастағылар арасында өткерилген бул жарысқа республикамыздың қала ҳәм районларынан 150 ге шамалас спортшы қатнасты. Жарыс қатнасыўшылары жеке ҳәм жуплық басқышта өзлериниң имканиятларын сынақтан өткерди.

– Спорт клубымыз Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң мәмлекетлик грантлар таңлаўында өз жойбары менен қатнасып жеңимпаз болған еди. Жойбар шеңберинде биз карантин басланыўынан алдын республикамыздың бир қатар районларындағы мәҳәллелер менен оқыў орынларына барып, денетәрбиясы ҳәм спорттың инсан саламатлығында тутқан орны, зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириўде спорттың әҳмийети бойынша үгит-нәсият илажларын алып бардық. Бул ретки жарысымыз усы илажларымыздың даўамы болып, карантин қағыйдаларына муўапық өткерилди. Тийкарғы мақсетимиз денетәрбиясы ҳәм спортты кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў ҳәм усы арқалы саламат турмыс тәризин ен жайдырыў болып табылады, – дейди жойбар баслығы М.Айтымбетов.

Қызғын түрде өткерилген  турнир жуўмағында ҳәр бир жас категориясы бойынша жеңимпазлар анықланып, «Арал» спорт клубы тәрепинен дипломлар ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қуралбай КЕҢЕСБАЕВ,

ӨзМДТСУ Нөкис филиалы

Зийрек студентлердиң илимий-изертлеў хызметин

шөлкемлестириў бөлиминиң баслығы, журналист

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги