Азия чемпионатына таярлық көрип атырған U16 Өзбекстан сайланды командасы ушын 29-октябрьден 9-ноябрьге шекем оқыў-шынығыў жыйыны болып өтеди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Футбол ассоциациясы хабар берди.
Бас тренер Олим Шокиров қол астындағы жас өспиримлер сайланды командасы Ташкент қаласында жыйналып, 1-ноябрьге шекем «Чиғатой» базасында шынығыўлар өткереди. Болып өтетуғын шынығыўларға тренерлер штабы 25 футболшыны сайлап алған.
2-ноябрь күни 23 футболшыдан ибарат болған Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы Дубай қаласына жол алады. Жыйын даўамында Өзбекстан ҳәм БАӘ жас өспиримлери арасында еки жолдаслық ойыны өткериледи. Усы ушырасыўлар 4- ҳәм 7-ноябрь күнлери болып өтиўи жобаластырылған.
Қуўанышлы тәрепи, жыйынға қарақалпақстанлы Жавохир Утамуратов та шақырылған. Ол жас өспиримлер сайланды командасы қурамында қорғаўшы титулында ойын өткереди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.