Ас дузы коронавирус профилактикасында ең мақул қурал болып есапланады, деп жазады «Россия газетасы».

Атап өтилиўинше, COVID-19ға қарсы гүресиўде дуздың пайдалы қәсийетлери Россия денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «Ўақтыншалық методикалық усыныслар» топламында көрсетип өтилген. Уйымға бола, дузлы еритпе жуқпалы кеселликлердиң ҳәм вируслы, ҳәм бактериал қозғатыўшыларды азайтыўға хызмет етеди.

Азық-аўқат өнимлериниң қурамында көп муғдардағы селен-күшли антиоксидант цинк ҳәм D витамини менен биргеликте вирусқа қарсы нәтийжели қурал болып есапланады. Сондай-ақ, ол аўырыўдан соң тезирек тәўир болыўға жәрдем береди. Бул бағдарда, әсиресе, селенге бай дуздың орны теңсиз, деп жазады басылым.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги