Бүгин, 23-октябрь күни Беруний районы пахта тапсырыў бойынша шәртнамалық жобасын орынлады. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

2020-жылдың пахта зүрәәти ушын районда 10 мың 275 гектар майданға ерте бәҳәрден ғаўашының жергиликли ҳәм перспективалы сортларынан болған шигит егилип, бүгинги күнде 24 мың 880 тоннадан аслам пахта зүрәәти жыйнап-терип алынды.

 

Өз ўақтында алып барылған агротехникалық илажлар нәтийжесинде Беруний районы бүгингидей табысқа еристи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.