АҚШтың «Apple» корпорациясының жаңа өними – «iPhone 12 Pro» смартфонының әҳмийетли кемшилиги мәлим етилди. Бул ҳаққында «Verge» баспасөзиниң қәнигеси жазбақта.

Оның атап өтиўинше, «iPhone 12 Pro» ның қуўатлылығына байланыслы  машқала бар болып, әсиресе, 5G тармағына қосылғанда оғада тез таўсылады.

Буннан тысқары, 2,5 саат даўамында экраны жағылған ҳалда телефоннан пайдаланғаннан соң оның қуўатлылығы тек ғана 18 процент қалған.

«Engadget» порталының қәнигелери де жаңа смартфон тез қуўатсызланады, деген пикирге келген.

Олардың пикирине бола, бул «iPhone 11»ди пайдаланғанларды ренжитиўи мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги