Ҳаяллар тәрепинен басқарылатуғын мәмлекетлер CОVID-19 пандемиясына қарсы гүресиўде басқаларға қарағанда жақсы нәтийжелерге еристи.

Бул ҳаққында Либерал стратегиялар орайы (София) баслығы және Гуманитар илимлер институты (Вена) изертлеўшиси Иван Крастев айтып өтти.

«Бул эмпирикалық түрдеги әҳмийетли жағдай болып табылады. Корреляция (еки ямаса оннан аслам күтилмегенде өзгериўшиниң статистикалық байланысы)ға қарамастан, ҳаяллар басшылығындағы мәмлекетлер еркеклер басшылығындағы, әсиресе, күшли көриниўди қәлеген мәмлекетлерден оғада үлкен өзгешеликке ийе болды», деп атап өтти Крастев.

Қәнигениң атап өтиўинше, ҳаяллар пандемияны урыс сыпатында қабыл етпеген ҳәм машқаланы шешиў ушын улыўма басқа «тил»ден пайдаланған. Еркеклер болса өз гезегинде, вирусты жеңиў керек болған душпан деп атап өткен, бирақ бул инфекцияға қарсы турыўда жәрдем бермеген.

Крастев бул бағдарда Жаңа Зеландия, Германия ҳәм Дания сыяқлы еллерди мысал етип келтирген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги