Усы жылдың 21-октябрь күни Ташкент қаласында спорттың профессионал бокс түринен клублар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

 

Жаслар ислери агентлиги ҚР басқармасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, жарыста Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районлық 36-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Асадбек Генжемуратов 1-орынды ийелеп, «SCD Championship» белбеўин жеңип алған ҳәм 54 кг салмақ категориясында Өзбекстан чемпионы болған.

 

Асадбек тренери Байназар Избасаровтың қол астында 2017-жылдан баслап бокс пенен турақлы шуғылланып келмекте. Ол ҳәзирги ўақытта Шымбай районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы болып табылады.

 

– Бул жеңисим мағана еле де күш-қуўат бағышлайды. Келешекте олимпиада чемпионы болып, маған билдирилген исенимди ақлаў тийкарғы мақсетим, – дейди Асадбек Генжемуратов.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.