Нөкис районындағы «Biogumus Farm» фермер хожалығында 30 гектарлық жерге егилген помидордың арнаўлы сортынан алынған өним тәбийғый шараятта кептирилген ҳалда Франция ҳәм Италияға экспорт етилмекте. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баспасөз хызмети хабар берди.
– Франция мәмлекетинен алып келинген арнаўлы туқымнан айрықша тәрбия бериў жолы арқалы жетистирилетуғын помидорды дузлап, тәбийғый шараятта қуяш нуры астында кептириў көп қәрежет талап етпейди, – дейди фермер хожалығының ис басқарыўшысы Шерзад Ниязымбетов. – Тәбийғый шараятта кептирилген помидор өнимине Франция, Италия базарларында талап артып бармақта. Өткен жылы 36 тонна кептирилген помидор өнимин экспорт еткен болсақ, быйыл өнимди 2 есе көп алдық, экспорты да 72 тоннаға жеткериўди жобаластырып отырмыз.
Март айынан тәбийғый атыз шараятында жумыс баслап, июль-август айларында өнимди терип алатуғын усы фермер хожалығы мәўсим даўамында 180-200 ге шекем тийкарғы бөлеги ҳаял-қызлардан ибарат жергиликли халықты жумыс пенен тәмийинлеп келмекте.
Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Нөкис» сыртқы экономикалық хызмет бажыхана посты хызметкерлери «Biogumus» фермер хожалығында болып, 18 тонна салмақтағы кептирилген помидор өнимлерин Франция мәмлекетине экспорт етилиўине әмелий жәрдем берди.
Бажыхана рәсмийлестириўи электрон тәризде, қадағалаў болса усы жердиң өзинде қысқа ўақытта әмелге асырылды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.