Финляндияның «Nokia» компаниясы АҚШ аэронавтика ҳәм космослық изертлеўлер Миллий басқармасы – « NASA» тәрепинен Айдағы узақ мүддетли байланыс тармағы ушын таңлап алынды.

«Nokia» мағлыўматнамасында айтылыўынша, компанияға қараслы «Bell Labs» лабораториясы 2022-жылдың ақырында Ай жүзинде тармақты жүзеге шығарыў жумысларында қатнасады.

Бул тармақ арқалы луноходлар аралықтан басқарылады, реал ўақыт режиминдеги жетилисип барыўшы навигация менен жоқары сапалы видео өнимлери берилип турылады, делинеди «INTERFAX.RU» хабарында.

 

ӨзА