Қылышпазлық бойынша бир неше күн алдын старт алған «Үмит» республикалық турнири өз жуўмағына жетти.
Турнир шпага, рапира ҳәм сабля бағдарлары бойынша өткерилди.
Турнирдиң ең сайланды 30 ға шамалас сабляшылары арасында болып өткен жарысларда қарақалпақстанлы қылышпазлар жақсы нәтийжелерди көрсете алды.
Еркеклер арасында Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан спортшылардан Шерзад Мамутов 1-орын, Фазыл Генжебаев 2-орын, Азизбек Дәўлетназаров 3-орынды ийеледи.
Қызлар арасында өткерилген жарыста жерлеслеримиз Айсулыў Уснатдинова ҳәм Толқынай Бекбаўлиева 3-орынды ийеледи.
Атап өтиў керек, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан сайланды командасының жетекшиси Зайнаб Дайыбекова киши жарақаты себепли жарысқа қатнаса алмады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.