Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Егислик майданлар ҳәм халықтың қыйтақ жерлеринен ақылға уғрас пайдаланыў, экспортқа қолайлы аўыл хожалығы өнимлери, соның ишинде, чеснок жетистириў ҳәм экспорт етиў көлемлерин көбейтиў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың материаллық мәпдарлығын арттырыў бағдарындағы жумысларды системалы даўам еттириў мақсетинде:

1. Төмендегилер:

Чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында овощ өнимлерин жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер ассоциациясы (кейинги орынларда-Ассоциация) және оның жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги аймақлық бөлимлери (кейинги орынларда-аймақлық жәмийетлер) шөлкемлестирилгенлиги;

аймақлық жәмийетлер Ассоциацияның шөлкемлестириўшилери болып есапланатуғыны;

Ассоциация жумысын қаржыландырыў дәреклери ағзалық төлемлери, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры, илимий изертлеўлерди алып барыў ушын ажыратылған мәмлекетлик грантлар және халықаралық финанс институтларының грантлары және халықаралық финанс институтларының грантлары болып есапланатуғыны;

Әндижан ўәлаятының Булақбашы районында Чеснок жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер ассоцациасының шөлкемлестирилгенлиги, 400 гектар майданда кластер усылында халықтың үй қыйтақларын бириктириў арқалы чеснок жетистириў жолға қойылғанлығы;

Ассоциацияға  өним жетистириўшилерге агрономиялық усыныслар бериўде, ең қолайлы мәмлекетлерде мәмлекетлерге қолайлы ўақытларда  экспорт етиўде көмеклесиў,  олардың маманлығын арттырыў ўазыйпаларының жүкленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. 2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң 2021-2022-жыллар зүрәәти ушын август пиязы, чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында овощ өнимлерин түрлери бойынша жетистириў көлеми ҳаққындағы усыныслары 1- 3-қосымшаларға муўапық мақуллансын.
  2. 3. Ассоциацияға сыртқы ҳәм ишки базар талапларынан келип шығып, ҳәр жылы 1-июньға шекем август пиязы, чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында овощ егинлерин жайластырыў бойынша  Аўыл хожалығы министрлигине  усыныслар киргизиў ҳуқықы берилетуғыны;

август пиязы, чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында  овощ егинлерин Ассоциация усынысына муўапық пахта ҳәм ғәлле майданларынан қысқартылған, пайдаланыўға киргизилетуғын, резервтеги жерлер, сондай-ақ, тәкирарый егин сыпатында ғәлледен босайтуғын ҳәм басқа жер майданларына жайластырылатуғыны;

август пиязы, чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында  овощ өнимлерин жетистириў «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде ажыратылатуғын,  бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры, халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны;

Ассоциация Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте август пиязы, чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында  овощ егинлерин кластер ҳәм кооперация усылында жетистириў бойынша халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын анық жойбарларды коммерциялық банклерге усынылатуғыны белгиленсин.

  1. 4. Аўыл хожалығы министрлиги Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Бағманшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги менен биргеликте чеснок жетистириў жойбарын әмелге асырыў ушын 7 миллиард сум муғдарындағы қаржылар Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры және Бағманшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қорынан Орайлық банк тийкарғы ставкасының 50 проценти муғдарында 1 жыллық мүддетке Булақбашы районының ҳәкимлиги ҳәм Ассоциация кепиллиги тийкарында теңдей үлеслерде ссуда сыпатында ажыратылыўын тәмийинлесин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери  Булақбашы районында енгизилген тәжирийбени кеңнен қолланыў илажларын көрсин.

  1. 5. Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығының дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ егислик майданларынан пайдаланыў мәселелери бойынша орынбасары (кейинги орынларда – Кеңес баслығының орынбасары)на:

 Асооциация  жумысын әмелге асырыўға, қайта ислеў кәрханалары, экспорт етиўшилер ҳәм өним жетистириўшилерге ҳәр тәреплеме  жәрдемлесиў;

август пиязы, чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында  овощ егинлерин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын финанс институтларының жеңиллетилген ресруслары ҳәм грантларын, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорының қаржыларын тартыў;

кооперация (кластер) тийкарында ислейтуғын кластер ҳәм экспорт етиўши шөлкемлер өним жетистириўшилерге бириктирилиўин тәмийинлеў;

өним жетистириўшилердиң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў ушын  ҳәр жылы июнь-июль айларында оқыў-семинарларды шөлкемлестириў;

сырт ел мәмлекетлериниң фитосанитариялық талапларынан келип шығып, август пиязы, чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында  овощ егинлериниң экспортқа қолайлы түрлерин жетистириў ҳәм экспорт етиў бағдарындағы жумысларды шөлкемлестириў ўазыйпаларының жүклетилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. 6. Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине еки ҳәпте мүддетте:

ўазыйпалардың бөлистирилиўин ҳәм штат бирликлерин қайта көрип шығып, Кеңес баслығының орынбасарларына орайлық аппарат, аймақлық басқарма ҳәм район бөлимлеринен тийисли структураларды бириктириў;

Кеңес баслығының орынбасарының усынысына бола, хожалық есабынан қосымша штат бирликлериниң алыныўын тәмийинлеў усыныс етилсин.

  1. 7. Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы бир ай мүддетте:

сырт ел фитосанитариялық талапларынан келип шығып, чесноктың экспортқа қолайлы түрлерин жетистириў, таярлаў ҳәм қадақлаў бағдарында усынысларды ислеп шықсын және әмелий жәрдем бериў ушын карантин инспекторларын районлар көлеминде өним жетистириўшилерге бириктирсин;

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экспорт етиўшилер ассоциациясы, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси және Ассоциация менен биргеликте өнимниң  ең қолайлы мәмлекетлерге қолайлы ўақытларда экспорт етилиўин тәмийинлеў, жаңа экспорт базарларын ашыў илажларын көрсин.

  1. 8. Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги бир ай мүддетте август пиязы, чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында овощ өнимлерин жетистириў бойынша 2021-2025-жылларға мөлшерленген фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер және инновациялық илимий-техникалық жойбарлардың грант таңлаўлары тийкарында әмелге асырылыўын тәмийинлесин.

Грант таңлаўларында август пиязы, чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында  овощ егинлериниң жаңа, экспортқа қолайлы түрлерин жаратыў, аналық туқым ҳәм нәллерди шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 9. Аўыл хожалығы министрлиги Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте:

еки ҳәпте мүддетте  Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты илимий-өндирислик орайы менен биргеликте аймақлардың топырақ-климат шараятының өзине тәнлигинен  келип шығып, август пиязы, чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында  овощ егинлериниң түрлерин жайластырыў ҳәм жетистириў агротехникасы бойынша усыныс қолланбасын ислеп шығып, орынларға жеткерсин;

бир ай мүддетте  Бағманшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры және Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры ҳаққындағы келисимлерге тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилиўин тәмийинлесин;

Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте август пиязы, чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында  овощ егинлерин суў менен тәмийинлеў, суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў илажларын көрсин;

Овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институты  тәрепинен Ассоциация менен биргеликте август пиязы, чеснок ҳәм тоқсанбасты усылында  овощ егинлериниң аймақлар топырақ-климат шараятларына сай, шорға ҳәм суўсызлыққа шыдамлы түрлерин жаратыў бойынша илимий-изертлеў жойбарларының әмелге асырылыўын тәмийинлесин;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте ассоциацияға өнимди сақлаўда, экспорт етиўде жәрдемлессин.

  1. 10. Ассоциацияға Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте Ассоциацияның қысқа мүддетте белгиленген тәртипте дизимнен өткерилиўи, оның шөлкемлестириў структурасы, режеси ҳәм аймақлық жәмийетлердиң үлгидеги сруктурасын тастыйықлаў усыныс етилсин.

Ассоциация Ташкент ўәлаяты, Ташкент районы, Келес посёлкасындағы Овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институтының имаратына бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.

  1. 11. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Аўыл хожалығы министрлиги, өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы менен биргеликте чеснок ҳәм овощ егинлериниң экспортқа қолайлы түрлерин жетистириў, оларды экспорт етиў, сырт ел мәмлекетлериниң фитосанитариялық талапларын түсиндириўге байланыслы арнаўлы көрсетиўлер шөлкемлестириў ҳәм турақлы көрсетип барыў усыныс етилсин.
  2. 12. Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. 13. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбестан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                      Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 15-октябрь