13-октябрьден баслап Наўайы қаласында 2002-2003-жылларда туўылған жас өспиримлер арасында волейбол бойынша Өзбекстан чемпионатына старт берилди.
Жарысқа 12 команда 4 топарға бөлинген ҳалда қатнаспақта.
«D» топарынан орын алған Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы жарыстың дәслепки күнинде Самарқанд ўәлаяты командасына қарсы ойнады. Ойын даўамында жерлеслеримиз 100 процентлик нәтийже көрсетип, 3:0 есабында жеңиске еристи.
Сондай-ақ, усы топардан орын алған Сырдәрья ўәлаяты командасы менен болған ойында да қарақалпақстанлы жас өспиримлер қарсыласларына ҳеш қандай имканият қалдырмады. Ойын 3:0 есабында жерлеслеримиздиң жеңиси менен жуўмақланды.
Жарыс 17-октябрьге шекем даўам етеди. Нәтийжелер бойынша хабарлар жәриялап барамыз.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.