Алдын хабар берилгениндей, бүгин Нөкис қаласында Олий Мажлис Сенаты ағзаларын сайлаў болып өтти. Сайлаўда ҳәр бир депутат жабық даўыс бериў жолы менен даўыс бериўи шөлкемлестирилди.

 

ҚР Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, Есап-санақ комиссиясының ағзалары белгиленген тәртипте талабанларға берилген даўысларды санап шықты ҳәм нәтийжелери жәрияланды.

 

Даўыс бериў нәтийжелери бойынша көрсетилген талабанлар – 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамы шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығы У.Жалменов ҳәм 63-санлы «Қаракөл» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камаловлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары етип сайланды.

 

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.