– Бүгин қарақалпақ елин, топырағын, имканиятларын жақсы билген, халық таныған, түрли мәселелерди шеше алатуғын жетекшини сайлап алыўымыз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Бердақ бабамыздың даналық сөзлери менен айтқанда:
Халықтың ғамын ойлаған,
Журт ғамқоры керек маған, – деди Шавкат Мирзиёев.
Президент ҳәзиргидей қурамалы ўақытта басшы болыў аңсат емес екенлигин, Қарақалпақстанды раўажландырыў бойынша басланған жумыслар 2-3 есе көбейтилип даўам еттирилиўин атап өтти.
– Мурат Камаловты көп жыллардан берли таныйман, – деди Президент. – Ол ең алды менен, ҳадал, ўатаны ушын пидайы инсан. Қай жерде ислесе де қарақалпақ елиниң дәрти менен жасағанының гүўасыман. Ең тийкарғысы усы. Басқасы тәжирийбе менен келеди. Ол әкеси Қәллибек Камалов, марҳум Муса Ерниязовтың жумысларын даўам еттирип, халықты разы етеди, деп исенемен.
Президент Шавкат Мирзиёев Мурат Камаловтың адамгершилик пазыйлетлери, пидайылығы ҳәм басшылық қәбилетин айрықша атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.